Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да  жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып республикамызда бир неше жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў жумыслары исленди ҳәм даўам етпекте.

Тақыятас районында да бул жумыслар даўам етип, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың  жағдайлары үйренилип, районға бириктирилген Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен реже тийкарында алып бырылмақта. Бул жумыслар қатарында райондағы «Дослық» МПЖ аймағында жасаўшы Г. Пахратдинованың жайы да шиферланып берилмекте.

-Шаңарақ жағдайларыма байланыслы жайымызды шиферлай алмай жүр едик. Президентимиздиң басламасы менен  жайымыз шиферланып берилди. Бул ушын Президентимизге миннетдаршылығым шексиз,-дейди Г. Пахратдинова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги