Өзбекстан елшиси Амирсаид Агзамходжаев ҳәм Польша СИМ баслығының орынбасары Генрика Мошчицка-Дендис ушырасыўында консуллық-ҳуқықый тараўдағы еки мәмлекет қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери талқыланды.
Алдын ерисилген келисимлердиң орынланыўы талланды. Тәреплер барлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлады.
Усы жылы режелестирилген биргеликтеги илажлар, атап айтқанда, еки мәмлекет СИМ консуллық департаментлери арасында 2024-жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын мәсләҳәтлесиўлердиң биринши шеңберинде пуқта таярлық көриў бойынша пикир алысты.
Тәреплер, сондай-ақ, мийнет миграциясы ҳәм Өзбекстан пуқаралары ушын виза бериў тәртибин әпиўайыластырыў мәселелерине итибар қаратты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги