Усы жылы мектеп питкериўшилери электрон гүўалықларды төмендеги силтемелер арқалы бийпул жүклеп алыўы мүмкин. Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хабар берди.

Оған бола, бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер (my.gov.uz) порталындағы Улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы гүўалық мағлыўматын алыў мәмлекетлик хызмети арқалы;

Сондай-ақ, электрон гүўалық (e-shahodatnoma.uz) мәлимлеме системасына жеке мағлыўматларын киргизиў арқалы жүклеп алыў имканияты жаратылған.

«Мағлыўмат ушын, 11-класс мектеп питкериўшилериниң гүўалық мағлыўматлары «Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги» (бурыңғы ДТМ)ниң ЖОО қабыллаў бойынша электрон платформасына интеграцияланған.

Сол себепли, жоқары оқыў орынларына электрон ҳүжжет тапсырыў процесинде питкериўшиниң гүўалық мағлыўматлары автомат тәризде бериледи. Питкериўшилер гүўалықларын жеке өзи бериўине мүтәжлик жоқ», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги