Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, белгили педагог ҳәм илимпаз, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Қалбай Сейтмуратовтың 70 жыллығына арналған юбилей кешеси болып өтти,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.

Кешени институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров басқарып барды.

Илажда улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасының баслығы, педагогика илимлериниң докторы, профессор Т.Өтебаев, Қарақалпақстан халық муғаллими, педагогика илимлериниң кандидаты, профессор А.Пазылов, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Т.Жийемуратовлар юбилей ийесиниң өмири ҳәм илимий-педагогикалық жумыслары ҳаққында баянатлар жасады.



Қалбай Сейтмуратов 1954-жылы 15-июньда Шымбай районында дүньяға келген. Орта мектепти питкергеннен соң Нөкис аўыл хожалығы техникумында, соңынан Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтында оқыды. Билимлендириў тараўындағы мийнет жолын Ақмаңғыт педагогикалық оқыў орнында оқытыўшылықтан баслаған болса, кейин ала директор орынбасары лаўазымында, Нөкис мәмлекетлик университетинде жуўапкерли лаўазымларда иследи.

Мийнет жолы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Халық билимлендириў министрлиги, Республикалық оқыў-методикалық орайы, Республикалық халық билимлендириў хызметкерлериниң қәнигелигин жетилистириў ҳәм қайта таярлаў институты, Нөкис педагогикалық колледжи, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жумыс ислеп, республикамыздың билимлендириў тараўының раўажланыўына, заманагөй пикирлейтуғын, жоқары потенциалға ийе болған кадрлар таярлаў жумысларына өз үлесин қосты.

Ҳәзирги ўақытта институттың улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасының доценти сыпатында болажақ педагоглардың тәлим-тәрбиясы мәселелери бойынша өзиниң көп жыллық тәжирийбеси менен жасларға устазлық етип келмекте.

Ол студентлерге терең билим бериў менен бир қатарда илимий-методикалық жумыслардан да қол үзбейди.

Қ.Сейтмуратовтың авторлығындағы «Қорақалпоғистонда жадидчилик ҳаракати ва С.Мажитов», «Педагогика теориясы», «Педагогика тарийхы», «Үзликсиз тәлим педагогикасы», «Педагогикаға кирисиў», «Оқытыў теориясы (дидактика)», «Түркстанда жәдид ағартыўшылығы ҳәм тәлим-тәрбия» ҳәм басқа да атамалардағы монография, сабақлық, оқыў ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары тараўдағы ең әҳмийетли изертлеўлерге бағышланған баҳалы мийнетлер болып табылады.

Оның бир қатар илимий мақалалары Россия, Польша, Қытай, Австралия сыяқлы мәмлекетлердиң абырайлы халықаралық журналларында баспадан шыққан.

Кешеде юбилей ийесиниң кәсиплеслери, шәкиртлери, ағайин-туўысқанлары, шаңарақ ағзалары қутлықлап, естелик саўғаларын тапсырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги