Ҳәзир ғана пайтахтымызда «Улыўма абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў жолында өз-ара пайдалы бирге ислесиў» атамасында таллаў орайларының «Орайлық Азия – Қытай» IV форумы өз жумысын баслады. Конференцияда 20 ға шамалас илимий-изертлеў, таллаў орайларының 40 тан аслам жуўапкерлери, экспертлер, мәмлекетимиздеги дипломатиялық ўәкилханалардың басшылары қатнаспақта. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Қытай социаллық илимлер академиясы Россия, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия институты менен биргеликте шөлкемлестирилген илаж Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2023-жылдың май айында Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Сиань қаласында болып өткен саммитте жәрияланған басламасын әмелге асырыў шеңберинде өткерилип атыр.

Еслетип өтемиз, «Орайлық Азия – Қытай» таллаў орайлары форумын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарар сыртқы ислер министрлериниң 2021-жыл май айында болып өткен ушырасыўында қабыл етилген. Биринши форум 2021-жылы ноябрь айында Пекинде онлайн, екиншиси 2022-жылы ноябрьде Пекинде гибрид форматта өткен. 2023-жылы сентябрьде шөлкемлестирилген үшинши конференцияда болса барлық қатнасыўшылар тиккелей Сиань қаласында жыйналған. Төртинши мәжилис биринши рет Қытайдан тысқарыда – Өзбекстанда өткерилмекте.

Б.Худойбердиев,

ӨзА