Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Бахтыбай Алдамуратов өзи сайланған аймақта әмелге асырылып атырған жумыслардың барысын үйрениў мақсетинде халық пенен ушырасыўлар өткермекте.

Қараөзек районы ҳәкимлигинде «Өзбекстан—2030» стратегиясы ҳәм «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәнисин, әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў, сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыў барысын кеңнен додалаў, 2024-жылда әмелге асырылыўы тийис болған әҳмийетли бағдарлар бойынша Президентимиздиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилислеринде белгилеп берилген ўазыйпаларға бағышланған ушырасыў өткерилип, бул бағдарда районда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Депутаттың Қараөзек районындағы ушырасыўлары халық депутатлары районлық Кеңеси секретариаты ҳәм депутатларының қатнасыўында өткерилип, онда төменги палата мәжилислеринде көрип шығылған ҳәм мақулланған нызам жойбарлары бойынша мағлыўматлар берилди ҳәм тийисли  тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.

Қараөзек районы ҳәкимлигинде аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери менен биргеликте “Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбары бойынша да пикир алысып, усыныслар додаланды.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 9-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2024-жыл 5-апрель күнги «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында»ғы  қарарларының орынланыў барысы бойынша есабат тыңланып, бул бағдардағы әмелий жумыслар үйренилди.

Сондай-ақ, депутат жер ажыратыў арқалы бәнтлиги тәмийинленген жаслар менен сәўбетлесип, мәкан пуқаралар жыйынларында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, “Сайхунабад тәжирийбеси”н енгизиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы бойынша аймақта әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Мәҳәллелердеги машқалаларды шешиўде Халық депутатлары жергиликли Кеңеси депутатлары ҳәм “Мәҳәлле жетилиги”ниң өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў бағдарында да депутатлар биргеликте үйрениў жумысларын алып барып, ушырасыўлар өткерди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Экология  ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетиниң ағзасы Бахтыбай Алдамуратов аймақлық ҳәм республикалық әҳмийеттеги бағдарламалардың орынланыўы ҳәм 2024-жылда социаллық инфраструктура объектлериниң иске түсирилиўи бойынша әмелге асырылып атырылған жумыслар мониторинги бойынша Қараөзек районы Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Жаңа Өзбекстан” турақ жайлар массивинде жаңадан қурып питкерилген 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, билимлендириў мәкемесинде жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар менен танысты.

Жаңа мектепте оқыўшылардың сапалы билим алыўы ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў, муғаллимлердиң тәжирийбесин арттырыў, тараўға тийисли нызам, ҳүкиметлик қарар, бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мектеп ҳәкимшилиги, муғаллимлер менен пикир алысты.

Депутат мектеп китапханасына “Қызыл китап” ты саўға етти.

Жергиликли Кеңес депутатларының сайлаў округлеринде халық тәрепинен көтерилип атырған мәселелерди шешиўдеги ролин арттырыўға ҳәм “мәҳәлле жетилиги” менен байланысын және де жақсылаўға  жәрдемлесиў мақсетинде депутатлар “Қойбақ” аўыл пуқарлар жыйынында болып, мәҳәлле белсендилериниң жумыслары менен танысты. Ушырасыўда жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды белгилеў, жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин қолланыў бойынша белгиленген илажлардың әҳмийети, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, унамлы өзгерислер, нызамшылықтағы жаңалықлар  ҳәм олардың халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўдеги орны ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берилди.

Депутатлар Есим каналында әмелге асырылып атырылған реконструкциялаў жумысларын да барып көрди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрь күнги “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында район аймағын ағын суў менен тәмийинлеўши Есим каналының ПК0+00 ден ПК278+00 ге шекемги аралығын реконструкциялаў (1-басқыш) белгиленген болып, бүгинги күнде бул жумыслар жуўмақланыў алдында. Бул илажлардан мақсет халықтың пикир-усынысларын тыңлаў, әмелге асырылып атырған жумыслардың еле де жеделлесиўине әмелий жәрдем бериў болып есапланады.

Ушырасыўлар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Депутатлардың орынлардағы ушырасыўлары даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги