Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаеваның мирәт етиўине бола Египет Араб Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы Абдулваҳоб Абдулрозиқ басшылығындағы делегация мәмлекетимизге сапар менен келди.

Мийманларды Олий Мажлис Сенаты баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев күтип алды.

Египет делегациясының ағзалары «Жаңа Өзбекстан» паркине келип, Мустақиллик монументине гүл қойды.

Мийманларға бул архитектуралық ансамбльдиң мазмуны ҳәм өзине тән тәреплери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сапар даўамында делегацияның Олий Мажлис палаталарының басшылары менен ушырасыўлары ҳәм ески Самарқанд қаласына сапары режелестирилген.

Н.Абдураимова, ӨзА