30-июнь  Жаслар күни  мүнәсибети менен Қараөзек районында    «Миллий халық ойынлары» фестивалы өткерилди.

Райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниӊ ашық майданына миллий кийимлеримизде кирип келген жас өспиримлерде халық ойынларына болған қызығыўшылық ҳәм миллий мақтаныш сезиминиӊ артқаны көзлеринен де көринип турғандай сезиледи. Әсиресе, барлығы жәмлесип, ҳәр бир ойын шәртлерин өзгеше қызығыўшылық пенен бақлап, ойнап көриўге асыққан кишкенелердиӊ қуўанышында шек жоқ. Халқымыздыӊ миллий өзгешелигин өзлериниӊ күнделикли ойынлары мысалында көре билген фестиваль қатнасыўшылары тез тил табысып, ойынлар қатнасыўшысына айланып үлгерди.

Фестивалда халқымыздыӊ миллий ойынлары көрсетип өтилип, олардыӊ әҳмийети, мақсети түсиндирилди. Ләӊки, теппек, бек тас, асық сыяқлы ойынлар қатарында қашарман ойыны бойынша мектеп оқыўшылары арасында шөлкемлестирилген жарыс ойынлардыӊ қызғын түрде өтиўине себеп болды.

Фестиваль жуўмағында миллий халық ойынларын еле де ен жайдырыўда бирге ислесиў бойынша пикир алысылып, жаслар тәрбиясындағы әҳмийетин ҳәм мақсетин тереӊ үгит-нәсиятлаў бойынша келисип алынды. Соӊ қашарман миллий ойыны жеӊимпазлары ҳәм фестиваль қатнасыўшылары естелик саўғалары және ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.                     

Қарақалпақстан  хабар агентлиги