Улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшы-жаслары арасында китапқумарлықты раўажландырыў мақсетинде өткерилип атырған илажлар орынларда даўам етпекте.

И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармаларын тереңирек үйрениў, жаслардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў, сөйлеў мәдениятын жетилистириў  мақсетинде «Ибрайым Юсупов избасарлары» ҳәм «Тѳлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўының Қоңырат районлық басқышы шөлкемлестирилди.

Таңлаўды Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлиминиң баслығы Ж.Өсербаев ашып берип, қарақалпақ әдебиятының қос байтереги болған Т.Қайыпбергенов ҳәм И.Юсуповлардың өмир ҳәм дөретиўшилигине кеңнен тоқтап өтти. Өзиниң көркем дөретпелери, жәмийетлик хызметлери менен халқымыздың ардақлы перзентлерине айланған бул инсанлардың пазыйлетлери жасларға үлги.

Таңлаў шәртлери бойынша қатнасыўшылардың билимлери сынақтан өтти.

Таңлаў жуўмағында райондағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ш.Қаржаўбаева биринши, 48-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы А.Көптилеўова екинши, 55-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ж.Султанова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз оқыўшы Ш.Қаржаўбаева таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги