Нөкис қаласы 43-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 21-май сәнесинде миллетлер аралық татыўлық ҳәм тынышлықты тәмийинлеў мақсетинде «Өзбекстан улыўма үйимиз» атамасында фестиваль өткерилди.

Руўхыйлық-ағартыўшылық орайы Нөкис  қалалық бөлими баслығы Қ. Нуратдинов, Халық депутатлары  Нөкис қалалық кеңеси депутаты Д.Маткаримова, Шадлы аўыл мәкан пуқаралар жыйыны баслығы П. Сапарниязов,  Ѳзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы Нөкис қалалық бөлиминиң бас қәнигеси Х. Низаметов, республикамызға белгили нураный устаз Б. Султановлар шығып сөйлеп, елимизде миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў бойынша исленип атырған илажлар туўралы кең түрде  айтып берди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде ҳүким сүрип турған тынышлықты қорғаў бүгинги күни ҳәр бир пуқараның баслы ўазыйпасы екенлигине тоқтап өтип, жасларымыз өзлерине жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклигине ҳәм мектепти үлгили баҳалар менен тамамлап, жоқары оқыў орынларына кирип кетиўине тилеклеслик билдирди.


Фестиваль мектеп оқыўшыларының ана-Ўатан ҳәм дослықты жырлаўшы концерт бағдарламасы, спорт жарыслары менен қызықлы даўам етти.

 

 Арзыгүл Кеңесбаева,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги