Усы жыл 1-июньнан бақша апаларының айлық мийнет ҳақысы арттырылады.

Бул бағдарда Президенттиң 2023-жылы 26-майда «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм оның системасындағы шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына қол қойылған.

Оған бола, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин маман педагог кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде 2024-жылы 1-июньнан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлериниң базалық ставкалары улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң тийисли педагог хызметкерлери базалық ставкаларының әмелдеги муғдарларына теңлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги