Халқымыздың миллий үрп-әдетлери, аймақлардың өзине тәнлигинен келип шығып, сенаторлар той-тамашалар, шаңарақлық байрамлар, мереке-лазымлар, дүньядан өткенлердиң ҳүрметине арналған илажлар өткерилиўи бойынша бирден-бир, қатаң нормалар белгилениўи мақсетке муўапық емес, деген жуўмаққа келди.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Сенатының он бесинши улыўмалық мәжилисиниң екинши жумыс күнинде қатнасып атырған Kun.uz хабаршысы мәлим етти.

Атап өтилиўинше, халқымыздың ерк-ықрары той-мереке ҳәм басқа шаңарақлық илажларды тәртипли өткериўди жолға қойыўға белгили бир нормативлик ҳүжжет тийкарында емес, адамлар арасында кең көлемли үгит-нәсият, жеке үлги, үлгили илажлар мысалында ерисиў ҳәр тәреплеме пайдалы екенлигин көрсеткен.

Сенаторлардың пикиринше, шаңарақлық илажларды миллий қәдириятлар тийкарында, аз қәрежет сарплап, дәбдебелерсиз өткериўди кең жәмийетшилик ҳәм ҳәр бир инсан саналы түрде түсинип жетиўи керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги