Өзбекстан Республикасы Орайлық банки жаңадан айланысқа киргизилетуғын тийин пуллардың дизайнин жәриялады, деп жазады Gazeta.uz сайты.

Барлық тийинлар темирден никелли қаплама менен таярланады ҳәм ақ реңге ийе. Олар бирдей шеңбер формада болып, қаптал тәреплери сыйпақ ҳәм диаметрлери менен ажыралып турады. Тийин пуллардың артқы тәрепи бирдей – орайда Өзбекстан герби сүўретленген, гербтиң сыртқы тәрепине шеңбер тәризли көринисте «O‘ZBEKISTON MARKAZIY BANKI», гербтиң астына болса 2018 жазыўы түсирилген. Сыртқы айланбасы бойлап 72 бөртип турыўшы сфералық ноқатлар орналасқан.

 

50 сум

Диаметри – 18 мм, қалыңлығы – 1 мм, салмағы – 2 гр.

 

 

100 сум

Диаметри – 20 мм, қалыңлығы – 1 мм, салмағы – 2,5 гр.

 

 

200 сум

Диаметри – 22 мм, қалыңлығы – 1,1 мм, салмағы – 3,3 гр.

 

 

500 сум

Диаметри – 24 мм, қалыңлығы – 1,1 мм, салмағы – 3,9 гр.

 

 

Барлық пул бирликлери қатарында айланысқа енгизилип атырған жаңа тийин пуллар барлық хожалық субъектлери ҳәм халық тәрепинен барлық төлем түрлеринде өз қунлылығында шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт.

Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта айналыста болып турған 2001-2002-жыллар үлгисиндеги 50 сумлық тийин, 2004- ҳәм 2009-жыллар үлгисиндеги 100 ҳәм 500 сумлық тийинлар, сондай-ақ, 1994-жыл үлгисиндеги 50 ҳәм 100 сумлық банкноталар 2019-жылдың 1-июлына шекем барлық түрдеги төлемлер ушын шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт. Банк кассаларына түсетуғын усы қағаз ҳәм тийин пуллар қайта айланысқа енгизилмейди.

200 ҳәм 500 сумлық банкноталар жаңа үлгидеги теңгелер менен бирге 2020-жылдың 1-июлына шекем барлық төлемлер ушын қабыл етиледи. 2019-жыл 1-июльдан банк кассаларына түскен бундай номиналлар айланысқа қайтадан шығарылмайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги