Өзбекстан Республикасының терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий рўхтағы сыртқы сиясаты себепли соңғы жылларда сырт еллер менен дослық қатнасықты раўажландырыў бойынша сезилерли нәтийжелерге ерисилмекте.

Мәмлекетимиздеги унамлы өзгерислер дүнья жәмийетшилигинде елимизге қызығыўшылықты күшейтип, мәмлекетимиздиң халықаралық майданындағы орнының көтерилиўине хызмет етпекте. Избе-из реформалар, өз гезегинде, медиаструктуралар алдына дүньяның жетекши мәлимлеме агентликлери менен  бирге ислесиўди және де раўажландырыў, үзликсиз мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў, дүньяда жүз берип атырған ўақыялар ҳаққында халықты қалыс, дурыс мәлимлеме менен тәмийинлеў имканиятын жаратпақта.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, соңғы жыллары мәмлекетимиздиң Қубла Америка мәмлекетлери менен түрли тараўлардағы бирге ислесиў көлеми кеңеймекте. Регионда Аргентинаның орны өз алдына екенлиги себепли, бул мәмлекет пенен үзликсиз мәлимлеме алмасыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Соннан келип шыққан ҳалда, ӨзА Аргентина Республикасы менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде Латын Америка мәлимлеме агентлиги (Latin America News Agency) менен Түсинисиў меморандумына қол қойды

Бул басламаны Қубла Америка аймағы менен мәлимлеме тараўында бирге ислесиўди орнатыў жолындағы дәслепки қәдем, деп айтыў мүмкин. Ҳәзирге шекем аймақтың бирде бир мәмлекети менен усы бағдардағы ҳүжжетке қол қойылмаған.

Мағлыўмат орнында: LANA (Latin America News Agency) пүткил дүньяға мәлимлеме жеткериўши арнаўлы мәлимлеме агентлиги есапланады. Резиденциясы Аргентинаның Буэнос-Айрес қаласында жайласқан мәкеме Европа, Африка, ҳәм Азия бойлап 20 ға шамалас шериклер менен келисимге қол қойған. Тийкарынан инглис ҳәм испан тиллеринде мағлыўмат тарқататуғын бул басылымның сырт елдеги хабаршылары тармағы регионда ең ириси болып есапланады.

Бул әҳмийетли ҳүжжетке  Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Бас директоры Абдусаид Кўчимов ҳәм Латын америка мәлимлеме агентлиги баслығы Хуан Мануэль Фонруж онлайн тәризде қол қойды.

Видеобайланыс тәризинде өткен ушырасыўда А.Кўчимов дүнья көлеминде ҒХҚ менен байланысларды беккемлеў агентлик ушын стратегиялық ўазыйпа болып есапланатуғынын атап өтти.

Ҳәзирги күнде биз дүньяның көплеген ири мәлимлеме агентликлери менен жедел мәлимлемер алмасып атырмыз,- деди ӨзА басшысы. -LANA менен бирге ислесиў болса оқыўшыларымыздың тек ғана Аргентина емес, ал пүткил аймақ пенен байланыслы ўақыя-жағдайлардан тез хабардар етиў имканиятын жаратады. LANA ӨзАның Қубла Америкадағы биринши мәлимлеме тараўында бирге ислесиўшиси болып есапланады.

Итибарлы тәрепи, бул меморандум еки мәмлекет арасында кең көлемли ҳәм нәтийжели бирге ислесиў арқалы мәмлекетлеримиздиң турмысына байланыслы, аймақлық ҳәм глобаллық темаларды жарытып бериў, түрли мәдениятлар арасында байланысты жолға қойыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, ӨзА ҳәм LANA минбери қуралларында қалыс, исенимли мәлимлеме майданын жаратыўға қаратылған.

-ӨзА менен бирге ислесиў имканиятынан миннетдармыз,- деди LANA Бас директоры Хуан Мануэль Фонруж.- Айтып өтиўимиз керек, бул биз ушын Орайлық Азия аймағы менен бирге ислесиў жолындағы дәслепки қәдем, ӨзАның испан тилинде шығатуғын мақалаларын бақлап бараман. Материаллар арқалы агентлик Өзбекстан жаңалықларын исенимли дәрек сыпатында испан жәмийетшилигине тарқатпақта. Испан тилинде сойлесиўши мәмлекет сыпатында бул хабарлардан кең пайдаланамыз ҳәм ортақласамыз.

Меморандумға муўапық, енди еки агентлик үзликсиз бирге ислеседи, мақала, фото ҳәм видео көринислерин өз-ара пайдаланыў имканиятына ийе болады

 

                                                                                                                    ӨзА