Францияныӊ Өзбекстандағы елшиханасы, Францияныӊ ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў агентлиги (CFI), МҒКА, Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети, Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды ҳәм басқа жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте 6-8- май күнлери Ташкент қаласындағы   “Panarams” отелинде биринши мәрте регионаллық форум өткерилмекте.

Форумда Өзбекстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан, ҳәм Франция сыяқлы мәмлекетлерден 120 қатнасыўшы, 40 спикер, сондай-ақ журналистлер, медиа-шөлкемлердиӊ ўәкиллери, медиа-экспертлер, жуўапкер мәмлекетлик уйымлардыӊ жуўапкерлери, сондай-ақ, белгили медиа хызметкерлери, қәнигелер қатнаспақта.


Оныӊ ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ баспасөз хаткери Шерзад Асадов, Францияныӊ Өзбекстандағы елшиси Орелия Бушез ханым, CFI бас директоры Тьерри Валлат, Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети ректоры, профессор Шерзадхўжа Қудратхўжа, Францияныӊ Аудиовизуал бирге ислесиў бойынша регионаллық атташеси Эммануэль Фосийонлар сөзге шығып, усы илаждыӊ әҳмийетине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, регионымызда биринши мәрте өткерилип атырған ҳәм Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан Франция қәнигелери ҳәм  экспертлерин топлаған форум дезинформация, медиасаўатлылық, журналистика этикасы, ғалаба хабар қуралларын санластырыў ҳәм қаржыландырыў сыяқлы бүгинги күнде тез өзгерип атырған дүньяда зәрүр әҳмийетке ийе мәселелерин додаланыўға бағышланған.


Үш күн даўам ететуғын Форум шеӊбериндеги илажларға дезинформацияға  қарсы гүресиў, журналист этикасы, медиасаўатлылық, журналистиканыӊ заманагөй қәўип-қәтерлери, журналистлер ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги, аудиторияны кеӊейтиў критериялары, ҒХҚ ушын санлы стратегия, жасалма интеллект ҳәм фейк хабарлардыӊ алдын алыў ҳәм басқада көплеген әҳмийетли темаларда тиккелей сәўбетлесиў, байланыслар, сораў-жуўаплар болып өтеди.

Сондай-ақ, Форумда Орайлық Азия экспертлери дезинформациялар ағымы күшейип барыўы фонында журналистикаға болған исенимди тиклеў, журналистлерди қорғаўдыӊ нызамлы тийкарлары, бул бағдардағы бослықлар ҳәм кемшиликлер, жүзеге келген машқалаларға шешим табыўдыӊ имканиятлары, интернет арқалы қорқытыўлар, басымлар, масқаралаўшы қәўиплерди азайтыўдыӊ ҳуқықый илажлары ҳаққында да аналитикалық дәлиллер келтирип, мәмлекетлеринде нәтийже көрсетип атырған әмелий тәжирийбелер менен ортақласады.                                                                                                                              

ӨзА