2-май күни Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигинде Экология министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм «China CAMC Engineering» компаниясыныӊ баслығы Ван Бо арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасында экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли ҳәкимшилик реформалар, сондай-ақ, шығындыларды басқарыў системасы бағдарында министрликке жүкленген әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Соныӊ менен бирге, мәмлекетимизде қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм инвестицияныӊ тартымлылығын арттырыў бағдарындағы избе-из илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Өз гезегинде, Қытай тәрепи шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў санаатын раўажландырыў бойынша режелер потенциаллы бирге ислесиўшилер ҳәм инвесторлар ушын анық белгилеп берилгенин атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасыныӊ «China CAMC Engineering» компаниясы арасында Өзбекстан Республикасында шығындыларды өртеў электр станциясыныӊ жойбары бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстандағы шығындылар менен байланыслы жумысларды үйрениў ҳәм шөлкемлестириў, республика басшылығына усыныў ушын заводтыӊ дәслепки жойбарын ислеп шығыў мақсетинде Қытайдан эксперт топарын жибериў бойынша келисимлерге ерисилди.

Буннан тысқары, экотуризм тараўында бирге ислесиў ҳәм Самарқанд ўәлаятыныӊ таўлы аймақларында жаӊа канат жолын қурыў имканиятлары көрип шығылды.

Ушырасыўдан соӊ мийманларды ҳаўаныӊ сапасыныӊ мониторинги ҳәм экологиялық нызамбузыўшылықларға жуўап бериўдиӊ онлайн системасы менен шығындыларды  жыйнаў ҳәм тасыў үскенелерин бақлаў системасы менен таныстырыў мақсетинде министрликтиӊ Диспетчерлик ҳәм онлайн мониторинг орайына сапар шөлкемлестирилди.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер бирге ислесиўди жаӊа басқышқа көтериўге келисип алды, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги