20-июнь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар елимизди раўажландырыўдың бүгинги басқышында үлкен әҳмийетке ийе болған ҳәм әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларды жеделлестириўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Күн тәртибинен оннан аслам мәселе орын алды. Олардың ҳәр бири бурынырақ сиясий партиялар фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының мәжилислеринде министрликлер ҳәм ведомстволар, пуқаралық жәмийети институты ўәкиллериниң қатнасыўында қызғын додаланған еди.

Депутатлар өз жумысларын Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодексине қосымшалар киргизиўи нәзерде тутатуғын нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шығыўдан баслады.

Киргизилип атырған қосымшаларға бола, автомобильлер ҳәм мототранспорт қуралларын ижараға бериў ҳуқықы усы тараўда хызмет көрсететуғын юридикалық шахсларға берилип, олар жеңил автомобильлер ҳәм мототранспорт қуралларын  отыз күнге шекемги мүддетке ижараға бериў шәртнамасын әпиўайы жазба түрде дүзиў мүмкинлиги белгиленбекте.

Депутатлардың пикирине бола, бул қарардың қабыл етилиўи елимиздиң туристлик потенциалы ҳәм туризм тараўының раўажланыўына хызмет етеди.

Соңғы жыллары алып барылып атырған тийкарғы реформалар билимлендириў системасында да унамлы өзгерислерге алып келмекте. Күн тәртибине киргизилген гезектеги нызам жойбары билимлендириў тараўындағы реформалардың нызамлы тийкарларын жаратып атырғаны менен үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, онда билимлендириў системасында жаңа бағдарлар нызам менен беккемленбекте.

Бул нызам жойбары улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириўге 11 жыллық системаның мәжбүрий екенлиги, кәсип-өнер билимлендириўиниң 11 жыллық базадан соң қәлеўли түрде әмелге асырылатуғыны, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўында жумыс ислеп атырған юридикалық шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилип атырған билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиў, усы жумысты тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў және мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўындағы жумысты лицензиялаў тәртибин әпиўайыластырыўды нәзерде тутады.

Депутатлардың атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи билимлендириўдеги жаңаланыўларды ҳуқықый жақтан беккемлеп, тараўдың буннан былай да жетилисиўине имканият береди.

Соң депутатлар жаңа баспадағы «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда статьяма-статья додалады.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде Президентимиздиң тараўды жетилистириўге байланыслы пәрман ҳәм қарарларындағы идеяларды сиңдириўге қатаң итибар қаратылды.

Сондай-ақ, жуўапкер комитет тәрепинен усы жойбар бойынша аймақларда тараў қәнигелери, исбилерменлер, дийқан ҳәм фермер хожалықлары ўәкиллери менен дөгерек сәўбетлери, ушырасыўлар өткерилди ҳәм олардан 100 ден аслам усыныслар алынды.

Депутатлардың атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи өсимликлер карантини тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў механизмин жетилистириў, карантин хызмети жумысына заманагөй технологиялар ҳәм жумыс усылларын енигзиўге хызмет етеди. Буннан тысқары, халықаралық саўда байланысларын жолға қойыўда фитосанитарлық қәўипсизликти тәмийинлеў. импорт ҳәм экспорт пенен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлериниң әмел етиўи керек болған зыянлы өсимлик кеселликлери, шыбын-ширкейлер ҳәм басқа да жабайы шөплер кирип келиўиниң алдын алыў бойынша анық илажларды ҳәм нормаларды енгизиў имканиятын береди.

Мәжилисте, сондай-ақ, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясы басламасы менен бир топар депутатлар тәрепинен төменги палатаның додалаўына киргизилген «Жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталарды шегиўди шеклеў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары пуқаралардың денсаўлығын шылымлардың ҳәм электрон сигареталардың зыянлы тәсиринен, оның менен байланыслы социаллық ҳәм басқа да унамсыз ақыбетлерден қорғаўға, соның ишинде, жаслар арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыўға. сондай-ақ, пүткил дүньяда болғаны сыяқлы елимиз жәмийетшилиги арасында да нәшебентликке қарсы гүрес орталығын қәлиплестириў және енгизиўдиң шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый шараятларын жаратыўға қаратылған.

Пикирлесиўлер даўамында сиясий партиялар фракцияларының ўәкиллери тәрепинен нызам жойбарының қабыл етилиўи жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталар шегиў кең тарқалыўының, шылым ҳәм электрон сигареталар шегилиўи нәтийжесинде келип шығатуғын кеселликлердиң, сондай-ақ, топар болып шегиў ақыбетинде жуғыў қәўпи болған жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, депутатлар «Өзбекстан Республикасы геология тараўы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамды да қабыл етти.

Мәжилис даўамында парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасы

Мәлимлеме хызмети