Әзербайжанның ески қалаларынан бири – Ганжада Өзбекстанның усы мәмлекеттеги биринши ҳүрметли консулханасының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.

Атап өтилиўинше, бул ўақыя туўысқан мәмлекетлер ҳәм халықлар арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириў ушын әжайып имканият жаратады.

Сондай-ақ, Ганжада Өзбекстан ҳүрметли консулханасының ашылыўы еки туўысқан мәмлекет жылнамаларында тарийхый ўақыя сыпатында атап өтилетуғыны айтып өтилди.

«Дунё» МА берген мағлыўматқа қарағанда, Өзбекстанның Әзербайжандағы биринши ҳүрметли консулы етип Кянан Жалилов тайынланған.

«Ҳүрметли консулхана өз округи шеңберинде мәмлекетимиз пуқараларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, елимизге инвестиция ҳәм туристлерди тартыў, мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыўға жәрдемлеседи», – делинеди хабарда.

Рәсмий ашылыў мәресиминен кейин елшихана хызметкерлери тәрепинен усы қалада жасап атырған ўатанласлар ушын көпшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги