Усы жылдың 17-18-апрель күнлери Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен “Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик шегарасы ҳаққында»ғы Нызамының орынланыўы талқылаў тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы мысалында үйренилди.

Жумысшы топар ағзалары мәмлекетимиздиң арқа дәрўазасы есапланатуғын “Даўыт ата” шегара бажыхана посты, “Қарақалпақстан” темир-жол шегара бажыхана посты ҳәм Түркменстан Республикасы менен шегаралас аймақта жайласқан “Хожели” шегара бажыхана постларының жумыслары менен жақыннан танысып, мәмлекет шегарасы арқалы алып өтилип атырған товарларды қадағалаўды әмелге асырыўшы шегара әскерлери, бажыхана уйымлары, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети, мәмлекетлик ветеринария хызмети, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў бойынша мәмлекетлик хызметтиң жумыслары үйренилди.

– Усы жерде 2024-жылдың дәслепки шерегинде «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленген жүк автотранспорт қураллары 24 процентке артқанлығын атап өтиў керек,-дейди  бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Бажыхана рәсмийлестириўи процесслери “е-транзит” системасы арқалы әмелге асырылып атырған бул постта ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 27-апрельдеги “Бажыхана ҳәкимшилигин және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта. Сенаторлар бул жердеги қурылыс жумысларының барысы, жаңа постта пуқаралар ҳәм айдаўшылар ушын жаратылған шараятлар менен де танысты.

Илаж даўамында сенаторлар бажыхана хызметкерлери жумысларындағы машқала ҳәм кемшиликлер ҳаққында сорап, пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар, транспорт қуралларын басқарыўшылар менен сәўбетлесип, бажыхана шегараларын кесип өтиўде жолға қойылған тәртип-қағыйдалардың қолайлы ҳәм қолайсыз тәреплери ҳаққында пикирлери менен қызықсынды.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет – депутатлар тәрепинен усы үйрениўлер нәтийжелери тийкарында олардың жумысларын және де жетилистириў, тийисли басқарыў тәртип-қағыйдаларын және де әпиўайыластырыўға қаратылған усынысларды ислеп шығыўдан ибарат.

Үйрениў жуўмақлары тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиң аппарат хызметкерлериниң қатнасыўында додаланады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги