Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында питкериўши курс студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеўге бағышланған бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң басшылары, профессор-оқытыўшылар ҳәм питкериўши курс студентлери қатнасты.

Филиал директоры, профессор Әдилбай Есимбетов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, бүгинги күни мәмлекетимизде жаслардың айдын келешегин тәмийинлеў, олардың өнер ийелеп, белгили бир кәсип ийеси болып шығыўы ушын барлық шараят жаратылған.

Быйылғы оқыў жылында филиалды 5 тәлим бағдары бойынша 360 студент питкерип шығады. Олардың келешекте өмирден өз жолын табыўы ушын ҳәр тәреплеме жәрдем берилип, бул бағдарда әмелий жумыслар алып барылмақта.

Ярмаркада 40 қа шамалас жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкем өзлериндеги бос жумыс орынлары менен қатнасты. Олар питкериўшилер менен сәўбетлесиў алып барды. Илаж даўамында 87 мийнет шәртнамасы дүзилди.

Сәўбетлесиў жуўмағында жасларға жоллама берилип, келешекте бирге ислесиў бойынша пикир алысыўлар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги