«Жасларды кәсипке (қәнигеликке) ҳәм шет тиллерине оқытыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет Қарары (213-санлы, 17.04.2024 ж) қабыл етилди.

Оған бола, Пуқараларды (жасларды) шет тиллерине оқытыў ҳәм сырт мәмлекетлерде ислеўге мақсетли таярлаў орайы (Орай) шөлкемлестириледи.

Профессионал билимлендириў мәкемлеринде билим алыўшыларды кәсип (қәнигелик) ҳәм шет тиллерине оқытыў бойынша оқыў курслары шөлкемлестириледи. Сырт елде ислеў тилеги болған Өзбекстан пуқараларын жумыс бериўшилер тәрепинен сайлап алыў процесслерин шөлкемлестириў Орайдыӊ тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Оқыў курсларын табыслы тамамлаған питкериўшилерге мәмлекет тәрепинен тастыйықланған үлгидеги ҳүжжет бериледи.

Оқыў курсларында кадрларды таярлаў бир жылға шекемги билимлендириў бағдарламаларына муўапық төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Оқыў курслары шеӊберинде билим алыўшыларға инглиз, япон, корейс, араб ҳәм басқа талап жоқары болған шет тиллерине оқытылады.

Профессионал билимлендириў мәкемелерине тартылған билим алыўшылар шет тилин еркин түрде үйренип, халықаралық яки оған теӊлестирилген сертификатты берген жағдайда, билим алыўшы тәрепинен шет тилин оқытыў ушын жумсалған қәрежетлердиӊ 50 проценти, бирақ базалық есаплаў муғдарыныӊ 10 есесинен артпаған бөлеги Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан қаплап бериледи.

Онда сырт мәмлекетке жумысқа тартылатуғын пуқаралар ушын шет тили бойынша кеминде В2 дәрежедеги, «Ausbildung» (дуал билимлендириў формасы) тийкарында сырт елге кететуғын пуқаралар ушын немис тили бойынша кеминде В1 дәрежедеги халықаралық тән алынған сертификатты алыў талап етиледи.

Оқыў курсларына тартылған педагог кадрларға жумыс нәтийжелилигинен келип шығып, ҳәр айда айлық мийнет ҳақысыныӊ 100 процентине шекемги муғдарда үстеме төленеди.

ӨзА