20-апрел, шемби күни Саудия Арабстаны пайтахты Ислам дүньясы ассоциациясы қурамындағы Исламий фиқҳ академиясыныӊ 23-дөгерек мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан мусылманлары уйымы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Халиқназар ҳәзиретлери усы Кеӊестиӊ ағзалығына қабыл етилгени жәрияланды.

Мәжилисте қатнасып атырған дүньяныӊ жетекши уламалары Муфтий ҳәзиретлерин усы мәртебе менен қутлықлап, Өзбекстандағы диний-ағартыўшылық тараўдағы реформаларды жоқары баҳалады.

Муфтий Шайх Нуриддин Халиқназар ҳәзиретлери Халықаралық мусылманлар кеӊеси ҳәм Мусылман ойшыллар кеӊеси ағзасы да есапланады.

Мағлыўмат ушын, Исламий фиқҳ академиясы – Ислам дүньясы асоциациясы (Робитат ал-олам ал-исломий) на қараслы Ислам дүньясыныӊ белгили фақиқ ҳәм жетик уламаларынан шөлемлескен еркин, юридикалық статусқа ийе болған абырайлы илимий шөлкем болып табылады.

Академия 1977-жылы 10-декабрьде шөлкемлестирилген. Резиденциясы Мекке қаласында, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги