Нөкис районы менен Кегейли районын тутастырыўшы автомобиль жолы бир неше жыллардан берли авариялық аўҳалға келип, қайта оңлаўға мүтәж болып турған еди.

Ҳәзирги ўақытты  Нөкис районы аймағынан өтиўши  мәмлекетлик әҳмийеттеги 4р175 «Нөкис-Ақманғыт—Кегейли—Шымбай» автомобиль жолының  23—24-километри бөлегинде күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде, асфальттыӊ үстинги қатламын дәслепки қайта ислеў   жумыслары алып барылмақта.


Бул жумыслар өз гезегинде, асфальт қапламаныӊ хызмет көрсетиў мүддетин созып, жарамсыз аўҳалға келиўиниӊ алдын алады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги