АҚШтыӊ Экспорт қадағалаўы ҳәм шегара қәўипсизлиги (EXBS) бағдарламасы шеӊберинде Өзбекстан Бажыхана комитетине 50 дана СТ-40 тексериў комплекси тапсырылды, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Заманагөй үскенелерди тапсырыў мәресиминде Бажыхана комитети баслығы Акмалхўжа Мавлонов ҳәм АҚШ тыӊ Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жонатан Ҳеник басшылығындағы делегация қатнасты.

Бажыхана комитети хабарына бола, АҚШ елшиси тексериў үскенелери шегара қәўипсизлиги ҳәм хызмет жумысы нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем беретуғынын атап өткен.

Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы бажыхана бирге ислесиўиниӊ ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары толық додаланды.

АҚШ ўәкиллери Бажыхана комитети ушын әҳмийетли есапланған бағдарларда бирге ислесиўден миннетдар екенин билдирген. Атап айтқанда, АҚШтыӊ Қуралсызландырыў ҳәм олардыӊ тарқалыўыныӊ алдын алыў фонды жойбар басқарыўшысы Д.Хирш келешекте комитет ушын зәрүр болған үскенелерди таӊлаў бойынша биргеликте жумыс алып барыў мүмкин екенин айтқан.

Мағлыўмат орнында, быйылғы жыыл 18-19-апрель күнлери Бажыхана институтында EXBS бағдарламасы тәрепинен бажыханашылар ушын СТ-40 тексериў комплексинен нәтийжели пайдаланыў бойынша оқыў курсы өткериледи.

Алдынырақ Қурама Штатлар Самарқанд аэропорты шегара-бажыхана постына санаўлы мәмлекетте ғана бар бажыхана үскенелерин тапсырған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги