Алдын хабар бергенимиздей, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2018-2019-оқыў жылынан баслап туризм бакалавр бағдары ашылыўы режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта университетте басқа бағдарлар сыяқлы усы бағдар бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў даўам етпекте.

Мәлим болыўынша, туризм бакалавр бағдары университеттиң социаллық-экономика факультети қурамында ашылады. Абитуриентлер тест сынақларын төмендеги пәнлер бойынша тапсырады:

1. Математика (информатика менен);

2. Инглис тили;

3. Ана тили ҳәм әдебияты.

Еслетип өтемиз, туризм бакалавр бағдарына келеси оқыў жылы ушын жәми 40 студент (соннан 10 мәмлекетлик грант, 30 төлемли контракт тийкарында) қабыл етилиўи режелестирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.