14-апрель күни Министрликте Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси Бас хаткери Жасем Муҳаммад Ал-Будаивий мырзалары менен ушырасты. «Орайлық Азия – Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» Стратегиялық сәўбети сыртқы ислер министрлериниң екинши ушырасыўы күн тәртиби кең көлемли болып, әмелдеги байланысларымыздың жаңа бағдарларын ашыўға қаратылған ең әҳмийетли темалар, атап айтқанда, 2025-жылы Самарқандта болып өтетуғын Стратегиялық cәўбет саммитине таярлық мәселелерин өз ишине алады. Регионларымызды әзелден жақын саўда байланыслары, үрип-әдетлер, ең әҳмийетлиси, муқаддес ислам динимиз беккем байланыстырып турады.
Фото: Юнус Бўриев
Қарақалпақстан хабар агентлиги