Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған 9-апрель күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде пүткил мусылман үммети ушын муқаддес Рамазан ҳайыты менен бир-бирин қутлықлады.
Мәмлекет басшылары дос Өзбекстан ҳәм Түркия халықларына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери де көрип шығылды.
Еки тәреплеме өз-ара нәтийжели бирге ислесиў жеделлескени, белсенди сиясий сөйлесиў алып барылып атырғаны, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы байланыслар пәти артып атырғаны, нәтийжели мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Еки мәмлекет жетекши кәрхана ҳәм компанияларының кооперация жойбарларын алға қойыў, аймақлар дәрежесиндеги әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айырықша итибар қаратылды.
Болажақ илажлар режеси, атап айтқанда, жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў мәселеси көрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилери регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты.
ӨзА