Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-9-апрель күнлери Жиззақ ўәлаятында болды.
Сапардың екинши күнинде Зарбдор районында Жиззақ ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў илажлары бойынша мәжилис болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев бул сөйлесиў Рамазан хайыты қарсанында болып өтип атырғанына итибар берип, халқымызды усы уллы әййям менен қутлықлады.
Барлық аймақлардағы сыяқлы Жиззақ ўәлаятында да үлкен өзгерислер болып атырғаны атап өтилди. Соңғы жети жылда ўәлаятқа 5 миллиард доллар инвестиция тартылып, 2 мың 500 жаңа кәрхана иске қосылған. Оларда 45 мың турақлы жумыс орынлары жаратылған. Исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейген. Аўыл хожалығынан санаатқа үлкен секириў болған.
Бирақ, еле пайдаланылмай атырған имканиятлар, әҳмийетли мәселелер де бар. Айырым районларда халықты турақлы жумыс ҳәм айлық пенен тәмийинлейтугын орта кәрханалардың саны аз. Ўәлаят санаатының 80 проценти 3 тармақ үлесине туўра келеди. Жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериның көлеми жер майданларына жараса емес.
Соның ушын, сапардан алдын, экономикалық комплекс ўәкиллери районды терең үйренип, ўәлаятты 57 мың жумыс орнын жаратыў имканиятларын шамалады. Улыўма, Жиззақтың 13 районында экономикаға түртки беретуғын 100 имканият ҳәм резервлер анықланған.
Мәжилисте бул Зарбдор районы мысалында көрсетип өтилди. Мысалы, райондағы коммерциялық банклер жергиликли исбилерменлердиң машқалаларын шешип, жумысын кеңейтиўге жәрдемлеседи. “Зарбдор текстил” кәрханасының қуўатлары арттырылады. “Ривож давр” фермер хожалығы өз алдына бөлип берилген жерлерде қаўын жетистириў ҳәм оны қайта ислеў арқалы 28 миллион доллар экспорт етиўди режелестирген.
Мәмлекетимиз басшысы Жиззақ ўәлаятының экономикасын раўажландырыў бойынша бир қатар басламаларды мәлим етти.
Ўәлаятта аўыл хожалығы имканиятлары үлкен. Бирақ, экспорт ушын жетерли өним жоқ. Соның ушын, егинлерди көбейтиў бойынша жаңаша система енгизиледи.
Атап айтқанда, банклер өзине бириктирилген 309 мәҳәллеге лидер исбилерменлерди таюады. Олар арқалы халыққа қыйтақ жерден дәрамат табыў ушын қаржы хызмети топламы жаратылып бериледи. Оның ушын банклер лидер исбилерменлерге айланыс ушын 3 жыл мүддетке, 15 миллиард сумға шекем кредитлер ажыратады, бюджет есабынан агроном тартыў, оқытыў, мәҳәлледе мәжилис, сақлаў ҳәм кептириў пунктлерин шөлкемлестириў ушын 1 миллиард сумға шекем грантлар береди, “Шаңарақлық исбилерменлик” бағдарламасынан 33 миллион сумнан, “Бизнеске биринши кәдем” бағдарламасынан 17 миллион сумнан кредит ажыратады.
Районларда биреўден бир пүтин контур таңлап алынып, жәми 500 гектар майданда бир түрдеги өним жетистириў жолға қойылады. Арнасайда 16 центнерден аз өним алынып атырған жерлер лотларға бөлинип, мийўе-овощ егетуғынларға бериледи.
Усылардың нәтийжесинде ўәлаятта мийўе-овощ жетистириў көлемин еки жылда 2 есеге арттырып, 3 миллион тоннаға, соӊ 5 миллион тоннаға алып шығыў имканияты бар. Бул қайта ислеў ҳәм экспортты да 2-3 есеге арттырыўға имканият болады.
Ўәлаятта бөлип алып ислеў тийкарында пал ҳәррешиликти раўажландырыў ушын имканият та, исбилермен де бар. Мысалы, тоғай хожалыгы жерлерине пал ҳәррелериниң қутыларын орнатыў арқалы мың шаңарақтың бәнтлигин тамийинлеў, 50 миллиард сум қосымша дәрамат алыў, 2 миллион доллар экспортқа шығарыў мүмкин. Соның ушын, Замин районында пал ҳәррешилик орайын шөлкемлестириў, қуты ҳәм үскенелер ислеп шығарыў, палды қадақлап, экспортқа жибериў ўазыйпалары белгиленди.
Янгиабад районындағы суўғарылмайтуғын жерде ақ пияз жетистириў, кептириў, қадақлаў ҳәм музлатқышлы қоймахананы қамтып алған кластер шөлкемлестириў усынысы қоллап-қуўатланды. Шарўашылық, балықшылық ҳәм ыссыхана хожалығы ушын қолайлықлар да айтып өтилди.
“Қубла Мирзашөл” ҳәм “Туятортар” каналларын бетонлаў, насослар орнатыў аўыл хожалығындағы имканиятларды және де кеңейтеди. Жуўапкерлерге бул бағдарда үш жыллық бағдарламаны әмелге асырыў бойынша тапсырма берилди.
Санаатттың раўажланыўы ушын резервлер көп. Мысалы, қытайлы инвесторлар Жиззақта қурылыс материлларын, химия, энергетика, электротехника, машина қурылысы, тоқымашылық ҳәм фармацевтика тармақларында 4 миллиард долларлық 22 жойбарға усынысын билдирген. Олардың нәтийжесинде санаат 12 триллион сумға өседи, 250 миллион доллар экспорт имканияты жаратылады.
Буның ушын Замин районында санаат технопарки шолкемлестирилип, 1 миллиард доллар сырт ел инвестициясы есабынан 50 жаңа өним ислеп шығарыў жолға қойылады. Зарбдор районының Шодлик мәҳәллесинде “Жиззақ” санаат зонасының филиалы ашылып, 140 миллион долларлық 15 ири жойбар жайластырылады. Шараф Рашидов районындағы бос турған имаратта санаат зонасы шөлкемлестирилип, электротехника ҳәм тери санааты бойынша кәрхана иске қосылады.
Соңғы жыллары Жиззақта автомобиль қурылысы пайда болды. Келеси үш жылда 1 миллиард доллар инвестиция есабынан оның қуўтлығын және 100 мыңға арттырып, 10 мың жумыс орнын ашыў, локализациялаў дәрежесин 50 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды. Пахта-тоқымашылық тармағында 220 миллион долларлық 29 жойбар әмелге асырылатуғыны айтылды.
Электр үскенелерин ислеп шығаратуғын “Моно электрик” кәрханасы бөлип алып ислеў тийкарында көзи әззи инсанларды жумыс пенен тәмийинлеў басламасы менен шыққан. Мәмлекет басшысы бул басламаны қоллап-қуўатлап, бул бағдарда Жиззақ тәжирийбесин жолға қойыў, усындай бөлип алып ислеў жойбарларын көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Айдар-Арнасай көллери системасында саяхатшылар ушын шараят жаратыў, 10 мәдений мийрас орнында “туризм шеңбери” шөлкемлестирилип, оларға алып баратуғын жолларды оңлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте турақ жай ҳәм мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў мәселелерине да итибар қаратылды. Быйыл ўәлаятта 4 мың 500 квартиралы 118 турақ жай қурыў режелестирилген.
Талап жоқары районларда қосымша жайлар қурыў, Жиззақ қаласындағы перенетал орайын ҳәм көпирлерди оңлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Улыўма, Жиззақта мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў, бизнести қоллап-қуўатлаў, грантлар ажыратыў ушын қосымша 300 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, министрлер мәлимлеме берди. Видеобайланыс арқалы сырт елден елшилер ҳәм район жәмийетшилиги менен сөйлесиў болды.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Зарбдор районындағы Лалмикор мәҳәллесинде болды.
Бул жерде 3 мың 700 ден аслам халық жасайды. Мәҳәлле абат етилген, жол шетлери ҳә бос майданларға “Жасыл мәкан” бағдарламасы шеңберинде нәллер егилген.
Мәҳәлле дийқаншылық ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен. 668 шаңарақтың бәршесинде қыйтақ жер бар. Сондай-ақ, халыққа дийқаншылық етиў ушын 126 гектар жер ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-марттағы қарарына тийкарланып, қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларында жаңа резервлерди иске қосыў, базарға қолайлы өнимлер жетистириў илажлары көрилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы усы бағдардағы жумысларды көзден өткерди.
Атап айтқанда, мәҳәлледе жемисли мийўелер жетистириў бойынша оқыў майданы шөлкемлестирилген. Бул жерде маймунжон, хўжағат, голубика нәллери өсирилип, қыйтақ жерлерде егиледи. Өним бериўди баслағаннан соң, экспортшылар тәрепинен сатып алынады.
Президентимиз қыйтақ жер ийелерине бул мийўелерди сапалы жетистириў илимин үйрениўдиң әҳмийетли екенин атап өтти. Бул жойбарды кеңейтип, халықтың сатып алыў қәбилетин арттырыў ушын қыйтақ жер ийелери менен банклер арасында бирге ислесиўди нәтийжели жолға қойыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Соң Президент Шавкат Мирзиёев Замин районындағы “Jizzax Organiс” шарўашылық кластериниң жумысы менен танысты.
Улыўма баҳасы 200 миллион доллар болған бул жойбар бес жыл алдын иске қосылған. Ири комплексте ашық ҳәм жабық имаратлар қурылған.
Биринши басқышта Европа мәмлекетлери ҳәм АҚШ тан “Ангус”, “Герефорд” нәсилли 4 мың бас қарамал, Австралиядан “Дорпер” нәсилли 2 мың бас нәсилли қой алып келинген.
Мәмлекетимизде тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери – гөш ҳәм сүт мол ҳәм арзан болыўында мине усындай комплекслердиң әҳмийети үлкен. “Jizzax Organiс” кластери он мың бас қарамал, төрт мың бас қой жетистириў қуўатлығына ийе. Жылына бес мың тоннаға шекем гөш жетистириледи. Бул жерде 750 адам турақлы жумыс ислейди.
Кәрханада барлық жумыс процеси санластырылған. Егислик жерлердиң 1 мың 300 гектарына суў үнемлеўши технологиялар енгизилген. Бул жумыслар ушын Австралия, Германия ҳәм АҚШ тан заманагөй үскенелер алып келинген. Улыўма, кластерде баҳасы он миллион долларлық 200 ге шамалас техника бар. Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жерде селекция ҳәм генетикалық жумыслар ушын да имканиятлар бар.
Азықлық жетистириў ушын 12 мың гектар жер ажыратылады. Ақырғы он жыллар даўамында пайдаланылмаған жерлердиң өнимдарлығын тиклеў бойынша да жумыс алып барылмақта. Буның ушын органикалық төгинлер бериў, алмаслап егиў илажларына әҳмийет қаратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысына кластердиң жаңа жойбар ҳәм режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Атап өтилгениндей, 28 миллион доллар инвестиция есабынан жылына 20 мың тонна сүт ҳәм 5 мың тонна гөшти қайта ислеў нәзерде тутылған. Және 2 мың гектарда жаўынлатып суўғарыў арқалы азықлық жетистириледи.
Шараўашылықта нәсил мәселеси оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ, халық бағып атырған қара малдыӊ нәсиллиги 10 процент әтирапында. Соның ушын жасалма туқымландырыўды кеңейтиў, жергиликли нәсиллерди жақсылаў зәрүр.
Усыны есапқа алып, кластер тәрепинен Замин, Зарбдор ҳәм Янгиабадтағы 15 мәҳәлледе “Ангус” нәсилли қарамалды көбейтип, сатып алыў системасы жолға қойылады.
Банклер арқалы мәҳәллелерге берилетуғын қаржы хызметлери топламында шарўашылықты да нәзерде тутыў, азықлық от-жемди көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Жиззақ ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Абдужалол ҚАЮМОВ,
ӨзА хабаршылары