Ертең – 16-июнь күни Қарақалпақстан Республикасындағы 6 жоқары оқыў орны Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Ташкент мәмлекетлик педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ҳәм ӘлХорезмий атындағы Ташкент мәмлекетлик мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында 2018-2019-оқыў жылы ушын абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў басланады.

Аты аталған барлық жоқары оқыў орынларының бас биналарында қабыллаў комиссиялары өз жумысын баслайды.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты пайтахтымыздағы №47 «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип-өнер колледжи ҳәм Нөкис агроэкономика кәсип-өнер колледжи имаратларына көшип барған еди. Институттың қабыллаў комиссиясы бурынғы Нөкис агроэкономика кәсипөнер колледжи имаратында жайласқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.