Бүгин Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте қарақалпақ әдебиятының классик шайыры, уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўына арналған «Бул дүньяның көрки адам баласы» атамасындағы сырт ел илимпазларының қатнасыўында видеоконференц байланыс тәризиндеги илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияға Түркия, Әзербайжан ҳәм Қазақстан Республикаларынан, сондай-ақ, республикамыздағы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, институт профессор-оқытыўшылары, студентлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тәжибай Романов шығып сөйлеп, конференция қатнасыўшыларын Әжинияз бабамыздың 200 жыллығы менен қутлықлап, республикамызда ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақ халқының уллы классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының шығыс халықлары мәденияты менен әдебиятын, халықлар арасында дослық қатнасықларын раўажландырыўға қосқан үлеси уллы. Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың сүйикли шайыры Әжинияздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилген еди.

Быйыл республикамызда, соның менен бирге, халықаралық көлемде шайырдың юбилейи кең түрде белгилениўи режелестирилген.

Конференцияда Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги, шайыр шығармаларының тек ғана қарақалпақ әдебияты емес, соның менен биргеликте, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм басқа да түркий халықлар әдебиятында тутқан орны, XIX әсирдеги қарақалпақ әдебиятының раўажланыўында Әжинияз дөретиўшилигиниң әҳмийети, бүгинги күнде оның шығармаларының үйренилиўи ҳәм келешек әўладларға жеткерилиўи сыяқлы мәселелер бойынша баянатлар жасалды.

Әжинияз Қосыбай улы дүньяны терең ҳәм өткир танып, қарақалпақ халқының руўхый дүньясының байыўына үлкен үлес қосқан, әдебиятымызды тек ғана раўажландырып қоймастан, қоңсылас халықларға таныстырған уллы тулға болып табылады. Ол өзи жасаған дәўирде феодаллық қатнасықлар ҳүким сүрип турған болса да, оның ақыл-ойы бир неше әсир алдыға раўажланып, «бул дүньяның көрки – адам баласы» екенлиги ҳаққында гуманистлик шешимге келгенлиги де оның адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип береди.

Ол қарақалпақ әдебиятында лирика, эпикалық поэзияны раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрының да шебер дөретиўшиси болып табылады. Оның Қыз Меңеш пенен айтысы шайырлар айтысының ең жақсы үлгиси есапланады.

Әжинияздың дөретиўшилиги халық арасынан ХХ әсирдиң 30-жылларынан баслап жыйнала баслаған. Дәслепки шығармалары 1949-жылы баспадан шықты. Кейинги дәўирлерде 1960-, 1961-, 1965-, 1975-, 1988-, 1994-, 2014-жылларда шайырдың таңламалы шығармаларының жыйнағы баспада жәрияланды. Әжинияздың өмири ҳәм дөретиўшилиги илимпазлар Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, академиклер М.Нурмуҳаммедов ҳәм Ҳ.Ҳамидов, сондай-ақ, Ә.Пирназаров, Б.Қәлимбетов, А.Муртазаев, К.Мәмбетов, Ә.Пахратдинов, К.Алламбергенов ҳәм басқалар тәрепинен илимий тийкарда изертленди.

Конференцияда баянатшылар ҳәм сөзге шыққанлар тәрепинен шайыр дөретиўшилигин халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, шығармаларын шет тиллерине аўдарыў, соның менен бирге, дөретпелериниң жаңа қырларын ашыў мақсетинде илимий-изертлеў жумысларын алып барыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

– Қарақалпақ халқының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының шығыс халықлары әдебияты, тили, мәденияты, өз-ара дослық қатнасықларын раўажландырыўда қосқан үлеси үлкен. Сонлықтан да, оның барлық шығармалары ҳәзирги күнге шекем ҳәмме ушын қәдирли, сүйип оқылады. Китапқумарлардың ең сүйикли шығармалары қатарынан орын алған. Институтымыз профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен шайырдың шығармалары бойынша үлкен илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Дүнья көлеминде өткерилиўи күтилип атырған шайырдың 200 жыллық юбилейине бағышланған илажлар шеңберинде шөлкемлестирилген бул илажда шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында көплеген мағылыўматлар берилмекте. Булардың барлығы шайыр ҳаққында кеңирек билиўге кең мүмкиншилик жаратады,-дейди институттың өзбек тили кафедрасы докторанты Инабат Ибадуллаева.

Әлбетте, шайыр шығармаларының тилин тил илими көзқарасынан да үйрениў жумыслары жетилисип бармақта, көплеген илимий мақалалар жәрияланбақта. Әжинияз Қосыбай улының бай әдебий мийрасын үйренип барыў келешек әўлад ҳәм бүгинги әўлад ушын әдебий мийрас болып хызмет етеди.

Илаж институттың қәбилетли студентлери тәрепинен шөлкемлестирилген сахналық көринислер ҳәм «Тумарис» халық ансамбли ағзаларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

И.Матековтың түсирген сүўретлери