Өзбекстан ҳәм Иран мәмлекетлери басшылары арасындағы турақлы сөйлесиў, өз-ара сапар ҳәм ушырасыўлар түрли тараўлардағы байланыслардыӊ және де кеӊейиўине әҳмийетли түртки бермекте.

Еки мәмлекеттиӊ өз-ара товар алмасыў көлеми 2023-жылы 503,4 миллион долларды қураған.

Бул Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Иран Ислам Республикасыныӊ Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Муҳаммадали Искандарийдиӊ өз-ара сөйлесиўинде атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы қатнасықлардыӊ бүгинги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары, атап айтқанда, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы бирге ислесиў, сондай-ақ, парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў мәселелерин додалады.

Өз-ара товар алмасыў көлеми еки мәмлекеттиӊ потенциалына улыўма жуўап бермейтуғыны, бул көрсеткишти бир неше есеге арттырыў имканиятларын көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Транспорт логистикасы, медицина ҳәм фармацевтика, техникалық инженерлик , илим ҳәм технологиялар тараўларында бирге ислесиў бойынша иске қосылмаған имканиятлар бар екени, бул бағдардағы жойбарлар еки тәреп ушын да бирдей пайда келтиретуғыны айтып өтилди.

Парламентлераралық байланыслар мәмлекетлер арасындағы қатнасықларды және де беккемлеўдиӊ әмелий механизми екенинен келип шығып, дослық топарлары ҳәм комитетлер дәрежесиндеги сөйлесиўлердиӊ турақлылығын тәмийинлеў, өз-ара сапарларды жеделлестириў бойынша пикир алысылды. Жоқары дәрежеде ерисилген өз-ара келисиўлердиӊ орынланыўын тәмийинлеўде парламентлердиӊ потенциалын иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Халықаралық шөлкемлер дәрежесинде де конструктивлик бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.

Дослық ҳәм әмелий руўхта өткен ушырасыў жуўмағында елши перспективадағы режелер ҳәм жойбарларды турмысқа енгизиўге бар билим ҳәм потенциалын иске қосатуғынын мәлим етти.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзА