Самарқанда қаласында Азия-Тыныш океаны регионында саўданы әпиўайыластырыў мәселелерине бағышланған 11-форум (APTFF) өз жумысын баслады.

2009-жылдан берли Азия раўажланыў банки (АРБ) ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азия ҳәм Тыныш океаны бойынша экономикалық ҳәм социаллық комиссиясы (ESCAP) тәрепинен өткерилип киятырған бул форум саўданы әпиўайыластырыў бағдарында алдынғы тәжирийбе ҳәм билим алмасыў ушын тийкарғы регионаллық платформа есапланады.

Бул ретки конференцияда дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен 250 ден зыят қатнасыўшы, соның ишинде, оннан аслам халықаралық шөлкем ўәкиллери қатнаспақта.

Форумның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Хуррам Тешабоев шығып сөйлеп, мәмлекетимизде инновациялық технологиялар ҳәм санластырыў кеңнен енгизилип атырғаны, буның нәтийжесинде өндирис ҳәм халықаралық саўда көлеми артқанын атап өтти. Соның менен бирге, регионда азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери менен турақлы тәмийинлеў ўазыйпалары да әҳмийетлилигинше қалмақта.

Усы көзқарастан, саўда, транспорт ҳәм логистика, санластырыў, сондай-ақ, электрон мағлыўматлар алмасыў арқалы саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм бизнестиң жаңа механизмлерин ислеп шығыўда халықаралық бирге ислесиў айрықша әҳмийет ийелейтуғыны атап өтилди. Бул бағдарда шегара аймақларында заманагөй саўда ҳәм логистика орайлары, әпиўайыластырылған бажыхана коридорлары ҳәм арнаўлы экономикалық зоналарды шөлкемлестириў ең нәтийжели илажлар есапланады.

Барлық мәмлекетлер ушын заманагөй технологиялардан тең пайдаланыўға имканият жаратыў, саўда ҳәм жүк тасыў тараўындағы үгит-нәсиятлаўларды әпиўайыластырыў бойынша ең нәтийжели илажлар көриў, товарлар ҳәрекетин тәртипке салатуғын процесслерди санластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстанда кейинги жылларда экономиканы либералластырыў, қолайлы инвестициялық орталық жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар жоқары нәтийжелер бермекте.

Сыртқы базарға шығыў жолындағы тосқынлықлардың сапластырылыўы, валюта базарының либералластырылыўы, 7 мыңнан аслам түрдеги шийки зат ҳәм товарларға бажыхана төлемлериниң бийкар етилиўи нәтийжесинде сыртқы саўда айланысы еки есеге артты.

Салық жүги дерлик 2 есеге азайтылды, салық ҳәкимшилиги әпиўайыластырылды, мәмлекетте Орайлық Азиядағы ең тартымлы фискаль система жаратылды. Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолында исенимли қәдем тасламақта.

– Мәмлекетимизде саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мақсетинде бажыхана операцияларының 90 процентинен асламы санластырылды, – дейди Өзбекстан Республикасы бажыхана комитетиниң жуўапкер хызметкери Шукурулло Мўминов. – Атап айтқанда, исбилерменлерге қолайлық жаратыў мақсетинде бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириў процесслеринде инсан факторын сезилерли дәрежеде қысқартыўға хызмет етип атырған аралық электрон декларациялаў бажыхана постлары шөлкемлестирилди.

Конференция қатнасыўшылары бизнес ушын қолайлы болған аралық тарифлерден пайдаланған ҳалда Орайлық Азияның транспорт потенциалын арттырыў, Азия-Тыныш океаны регионы, Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс ҳәм Европа Аўқамы базарларына шығыў бойынша жаңа транспорт коридорларын қурыў жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Бундай шараятта транспорт хызметлери базарын либералластырыў, рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын оптималластырыў, халықаралық тасыўлар ушын бирден-бир санлы платформа жаратыў айрықша әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, илаж шеңберинде Өзбекстанның бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

5-апрельге шекем даўам ететуғын форум бағдарламасына муўапық, санластырыў ҳәм саўданы әпиўайыластырыў, соның ишинде, транспорт ҳәм қағазсыз трансшегаралық саўда, сондай-ақ, саўда процесин экологиялық жақтан жақсылаў мәселелери бойынша топар додалаўлары ҳәм сессиялар өткерилиўи режелестирилген.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет),

ӨзАның хабаршылары