Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети  билимли, талантлы, өнерли ҳәм белгили спортшыларды жәмлеген  жоқары оқыў орны есапланады. Бул  жақында университетте болып өткен Наўрыз байрамында да айқын көзге тасланды.

Наўрыз тамашаларында факультетлер арасынан төрт номинация бойынша жеңимпазларды анықлаўға бекитилген төрешилер қатарында қатнасып,  бул оқыў орнында талантлы, өнерли жаслардың көп екенлигиниң және бир мәрте гүўасы болдық.

Онда  «Ең көркем ҳәм байрамға сай безелген ләйлек ушырыў», «Ең жақсы безелген қара үй», «Миллийликти үгит-нәсиятлаўшы үрп-әдетлер менен ең жақсы қатнасқан факультет», «Миллий өнерментшиликти жақсы жолға қойған факультет» номинициялары бойынша таңлаў өткерилди.

-Хожели районында тураман. Қурақ қурайтуғын анамның қасында жүрип тигиў, пишиўди үйрендим. Тоқымашылық, кестешилик өнери менен шуғылланып, Өзбекстан көлеминде өткерилген бир неше таңлаўлардың жеңимпазы болдым. Мойнақ, Бозатаў районларында болып өткен фестивалларда қатнастым. Сырт ел туристлери мениң өнерментшилик буйымларыма қызығыўшылығын билдирди. Анамның сүўретин кестелеп тиккен портретим менен Ташкент қаласында өткерилген фестивалда биринши орынды ийеледим. Сондай-ақ, өткен оқыў жылында «Университет пидайысы» сыйлығы менен сыйлықландым,-дейди университеттиң санаат-технология факульетитниң 2-курс студенти Озода Файзуллаева.

Сондай-ақ, көркем өнер факультетиниң 2-курс студенти Райхан Наўрызбаева ҳәм 3-курс студенти Саламат Алламбергеновтың  гүлалшылық үлгидеги буйымлары, усы факультеттиң 3-курс студенти Гүлназ Қудайбергенованың зергерлик ҳәм миллий сувенирлерди өз қоллары менен соғып атырғанлығы қызығыўшылығымызды тартты. Әсиресе, сабыннан гүллерди сулыў етип ислеп қойған қолы гүл қыз итибарымызды тартты. Бул қыз экономика факультетиниң 2-курс магистранты Нурзада Жумабаева екен. Юридика факультетиниң студенти, мойнақшы қыз  Шахноза Орақбаеваның кестешилик ҳәм қурақларды сулыў етип қурап қойған өнери ҳәм усы өнери менен Өзбекстан көлеминдеги бир неше таңлаўларда үлкен нәтийжелерге ерисип жүргенлиги мақтаўға ылайық.

Көркем өнер факультетиниң  студентлери өз  шеберлиги менен « Миллий өнерментшиликти жақсы жолға қойған факультет» номинациясына ылайық деп табылды.

«Миллийликти үгит нәсиятлаўшы үрп-әдетлер менен ең жақсы қатнасқан факультет» номинациясы бойынша биринши орынға ылайық деп табылған өзбек филологиясы факультетинде биз халықлар дослығының әжайып үлгилерин көриўимиз бенен бирге, түркмен, өзбек ҳәм қазақ халықлары мәдениятының, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлериниң жарқын көринисине гүўа болдық. Олардың миллий кийимлери, миллий әсбап-үскенелери, өнерментшилик буйымлары байрам қатнасыўшыларының  итибарын тартты.  Сондай-ақ, усы  номинацияда өз көргизбелери менен қатнасқан қурылыс факультети жақсы таярлықлар менен келгенлиги көзге тасланды ҳәм  екинши орынға ылайық деп табылды. Олардың арба, гүби, кели-келсап, дигирман, атөшкир, қараүйдиң үлгиси, қоржын сыяқлы ата-бабалардан мийрас болып қалған тарийхый буйымлары байрамға өзгеше заўық бағышлады.

Байрам илажында қарақалпақ халқының қара үйи  байрамға өзгеше кейпият бағышлап турды. «Ең жақсы безелген қара үй» номинациясы бойынша қатнасқан  факультетлер арасында архитектура факультети биринши орынды ийелеўге еристи.

Биз байрам илажында миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлер жәмленген ҳақыйқый Наўрыз байрамының гүўасы болдық. Бул университет басшыларының, профессор-оқытыўшылардың ҳәм талантлы студентлердиң ислеген мийнетлериниң жемиси деп билемиз. Өнерли студентлер жәмлескен оқыў орны алдағы ўақытлары да үлкен табысларға ерисе бериўине тилеклеспиз.













Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги