Өзбекстанның Вашингтондағы елшиханасында Қарақалпақстанға финанслық жәрдем көрсетиў мақсетинде қайырқомлық қабыллаўы болып өтти.

«Дүнья» хабарына бола, қабыллаў 1987-жылдан берли раўажланып атырған мәмлекетлерге заманагөй медициналық әсбап-үскенелердиң жетиспеўшилигин сапластырыўда жәрдем берип киятырған Американың Project C.U.R.E. мәмлекетлик емес шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Қайырқомлық қабыллаў Қарақалпақстан Республикасына 12 миллион доллар муғдарында заманагөй медициналық әсбап-үскенелер жеткерип бериўге жәрдемлесиўге қаратылған еди.

Өзбекстан елшиси Фурқат Сиддиқов жыйналғанларға Арал теңизиниң қурыў көлеми ҳәм ақыбетлери, оның Аралбойы регионына унамсыз тәсири ҳаққында айтып берди. Бул апатшылық жаңа Аралқум шөлиниң пайда болыўына ҳәм аймақтағы экологиялық жағдайдың төменлеўине алып келгени, халықтың саламатлығы, қоршаған орталық ҳәм аймақ экономикасы ушын унамсыз ақыбетлерге себеп болып атырғаны айрықша атап өтилди.

Project C.U.R.E. президенти Дуглас Джексон өзиниң шығып сөйлеўинде, бул шөлкем Аралбойы регионының көп санлы халқына инсаныйлық жәрдемин көрсетиўден қуўанышлы екенин атап өтти. Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстандағы медициналық әсбап-үскенелер ҳәм технологияға оғада мүтәж болған медицина мәкемелерине 5 контейнерден ибарат дәри-дәрмақ қураллары жеткерип берилген.

Илаж даўамында усы жылдың биринши ярымында Қарақалпақстанға улыўма баҳасы 2 миллион доллар муғдарында медициналық үскенелерден ибарат және 4 контейнер жеткерип берилетуғыны мәлим етилди.

Сондай-ақ, Project C.U.R.E. келешектеги режелери жәрияланды. Оған бола, 2024-2025-жыллар даўамында Өзбекстанға улыўма баҳасы 10 миллион доллар муғдарында қосымша 15 контейнер медициналық гуманитар жүк жөнетилиўи нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги