Елимизде «Әлем сениң менен нурға толсын, Наўрыз!» сүрени астында халқымыздың миллий Наўрыз байрамы орынларда даўам етпекте.

Бүгин Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында да Наўрыз байрамы кең түрде байрамланды. Таң азаннан қара үйлер тигилип, миллий кийимлер, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер, миллий тағамлар көргизбелери, жыйналғанлардың итибарын тартқан байрам тамашалары байрамға өзгеше заўық бағышлады.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Б.Өтемуратов қатнасып, оқыў орнының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларын байрам менен қутлықлады. Буннан соң институт  ректоры Б.Жоллыбеков жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм өз кәсибиниң пидайысы болған оқытыўшылар менен белсенди студент жасларға диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.





Халықлар дослығы ҳәм миллийликти өзине жәмлеген байрам тамашалары концерт бағдарламалары менен даўам етти. Әсиресе, миллий өнерментшилик өнери менен шуғылланатуғын студент-жаслардың өнерметшилик буйымлары жыйналғанларда қызығыўшылық оятты. Байрам сәни болған сүмелеклер мийманларға тартылып, байрам узақ ўақыт есте қаларлықтай болып өтти.




Қарақалпақстан хабар агентлиги