Әмиўдәрьялы гилемши ҳаял Толғанай Худайбергенова елиў жылдан берли гилем тоқыў өнери менен шуғылланып келмекте. Кишкенелигинде кемпир апасының қасында жүрип гилем тоқыўды үйренген ол, ҳәр қыйлы гилемлерди үлгиге салып тоқыў өнерин жыллар даўамында жетилистирип барды. Узатылып келгенде ата-анасы қызының себине оның өмириниң бир бөлеги болып қалған гилем тоқыў станогин де  қоса берип жибереди.

-Әкем менен жигит ағам станогты келин болып түскен шыңарағыма келип қурып берип кеткенлигин шийрин қыяллар менен еслеймен. Соннан берли де арадан елиў жыл ўақыт өтип кеткен екен. Ата-анамның бул саўғасы өмиримдеги ең үлкен саўға болды. «Епли келин керекпе, сепли келин керекпе», дегениндей мен ҳәм епли ҳәм  сепли келин болып, усы станок арқалы буйыртпалар тийкарында көплеген гилемлер тоқып, халықтың алғысын алдым,-дейди Толғанай апа.

Толғанай апа мектепти питкергеннен соң райондағы гилем тоқыў цехында жумыс ислеп, Түркменстаннан келип ислеп атырған шебер қызлардан гилем тоқыў сырларын үйренип, тәжирийбесин жетилистиреди. Соң техникумда билим алып, ҳәзир өзлери жасап атырған «Ақ алтын» АПЖ да мийнет напақасына шығаман дегенинше биолабороторияда жумыс ислейди.

Ол  бүгин өмирлик жолдасы Атамурат аға менен биргеликте үш улды камалға келтирип, үш келин түсирип, олардан ақлықлар сүйип отырған үлкен шаңарақтың басшысы. Атамурат аға елимизге белгили палўан. Уллары Улуғбек, Нурбек, Мансурбеклер  де әкесиниң бул өнеринен қуры алақан қалмаған. Олар да спорттың гүрес түрине қызығыўы менен биргеликте,  арқан тартыў, волейбол, баскетбол бойынша өткерилген  спорт жарысларда аўыл пуқаралар жыйыны атынан қатнасып келмекте.

Бул шаңарақты халықлар дослығы жәмлескен көп миллетли шаңарақ деп атасақ алжаспаймыз. Себеби, өзбек шаңарағына ийилип түскен келинлери Қурбанай, Мехри, Дилара қазақ, қарақалпақ, өзбек халықларының арасына дослық, ағайиншилик көпирин қурған келинлер есапланады. Олар бәрқулла үй жумыслары менен биргеликте енесине гилем тоқыў жумысларына көмеклеседи. Толғанай апа гилем тоқыўдан тысқары қурақ қураў, ҳәр  қыйлы кийим-кеншеклерди тоқыў, тигиў өнери менен де шуғылланады. Бир неше қызларға гилем тоқыў сырларын үйретип,  шәкиртлер таярлады.

-Кеше ғана жаңа гилемди тоқып басладық,-дейди ол. Ени 68, узынлығы бир ярым метр болатуғын гилемшемизди тоқыў ушын көп ўақыт талап етилмейди. «Өнер өмир азығы»,-дегениндей бул өнер өмиримниң мазмунына айланып кеткен. Адам бийкаршылықтан қорқыў керек. Гилем нағысларына қарап отырып мен гөззаллықты, кеўил қәтержамлығын сезинемен. Бул өнер сабырлылықты үйретеди. Ҳаял-қызларға мәсләҳәтим өнер үйрениңлер, өнерли ҳаял ҳәм епшил ҳәм барлық қыйыншылықлардан шығысыўға бейим болады.

Гилем гөззаллығындай өмир оларға бир етек ақлықлар инам етип, бүгин кемпир апасын дөгереклеп отыратуғын олар да тигиўшиликке қызығып, жәрдемлесип жүреди. Ата-ана ушын буннан артық бахыт болмаса керек.


Гүлнара Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги