Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириўиниң ағласы, профессор, республикамызда  бокс спортының раўажланыўына үлес қосқан пидайы инсан Асқарбай Ниязовтың 60 жасқа толыўына бағышланған кеше болып өтти.

Илажды институт ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты.




Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы спорт министри А.Алланазаров шығып сөйлеп, ϴзбекстан Республикасы спорт министрлигиниң қутлықлаўын оқып еситтирди. Сондай-ақ, спорт ветеранлары Ж.Мәмбетов, А.Казаков, усы институттың дене мәденияты факультетиниң деканы А.Утепбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тәжирийбели  устаз, белгили спортшының республикамызда спортты, соның ишинде бокс түрин раўажландырыўға қосқан үлесине, адамгершилик пазыйлетлерине, спорттағы жетискенликлерине, шәкиртлерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Асқарбай Ниязов 1964-жылы 28-мартта Кегейли районында туўылды. 1981-жылы Нөкис қаласында  мектепти табыслы питкерип шығады. Ол 1977-жылдан баслап спорттың бокс түрине қызығады ҳәм бурынғы аўқам ҳәм Өзбекстан чемпионы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер, марҳум Турдымурат Өтегеновтың басшылығында спорт пенен шуғылланып жоқары нәтийжелерге ериседи.

Ол мектеп оқыўшысы дәўиринде бокс бойынша жаслар арасында өткерилген Қарақалпақстан чемпионатларында ҳәм О.Абдуллаев атындағы Пүткил аўқамлық турнирдиң чемпионы болды. 1982-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң Дене тәрбиясы факультетине оқыўға түседи ҳәм студентлик дәўиринде бир неше жарысларға қатнасып, жоқары оқыў орнының мақтанышына айланады. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионатларында жеңимпаз болады. 1982-жылы Қырғызстан Республикасының Қарабалта қаласында бокс бойынша өткерилген Орта Азия ҳәм Казақстан турниринде, 1983-жылы Россияның Рязань қаласында өткерилген Пүткил аўқамлық турнирде, 1985-жылы Нөкисте Сидней Джаксон атына өткерилген халықаралық турниринде 1-орынды жеңип алады.

А.Ниязов спортшы болыўы менен бирге тренерлик жумысын да қоса алып барды. 1981-1982-жыллары Қарақалпақстан Республикасы «Мийнет резервлери» спорт жәмийетинде тренер-оқытыўшы болып мийнет жолын баслайды. Ол университетте оқып жүрген дәўирлеринен, анығырағы, 3-курсынан баслап усы университеттеги спорттың бокс түри бойынша сайланды командасына тренерлик ўазыйпасын алып барды.

1986-жылы университетти жоқары баҳаларға питкерип, факультетте оқытыўшы болып жумысқа қалдырылады ҳәм устазлық пенен тренерлик жумысларын қосып алып барады. 1990-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қайта ашылыўы менен университеттиң Дене тәрбиясы факультети институтқа өткериледи. Институтқа келгеннен соң, оқытыўшылық жумысы менен бирге тренерлик жумысын қосып алып барады. Оның тренерлигинде Өзбекстан ҳәм бурынғы аўқамға белгили спортшылар: Абыл Ниязов, Алишер Аўезбаев, Икрам Алланазаров, Аман Тажбағамбетов ҳәм басқа да бир қанша жаслар шуғылланып, оларға бокстиң сырларын үйретти.

А.Ниязов илимий-педагогикалық жумысларын да теңдей алып барды. Бул мийнетлериниң нәтийжесинде ол 2001-жылы «Қарақалпақстан билимлендириўи ағласы», 2007-жылы «Өзбекстан билимлендириўи ағласы» көкирек белгилери менен сыйлықланады. Келешек жасларға спорттың бокс, қол тобы ҳам басқа түрлери бойынша тереңирек илимий, тәжирийбе ҳәм көнликпе сырларын үйретиў мақсетинде бир қатар илимий монография, илимий мақалалар, оқыў қолланбалары республикамызда ҳәм сырт еллердиң белгили басылымларында басылып шықты. Бүгинги күнге шекем оның авторлығында 2 сабақлық, 1 монография, 3 оқыў, 9 оқыў-методикалық қолланбалары баспадан шығарылды.

А.Ниязов үлгили шаңарақ басшысы. Өмирлик жолдасы – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер, ҚМУ Денетәрбия факультетиниң аға оқытыўшысы Ольга Ниязова менен бир ул ҳәм үш қызды камалға келтирип, бүгинги күни олардан ақлық сүйип отыр.

Илаж соңында Монголия, Қазақстан, ϴзбекстан Республикасы спорт министрлиги ҳәм ўәлаятлар, республикамыздағы жоқары оқыў орынлары ўәкиллериниң қутлықлаўлары оқып еситтирилип, естелик саўғалары тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги