Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде қаржы саўатлылығын арттырыўға итибар күшейтилмекте. Бул өз гезегинде экономикалық раўажланыўдың ең әҳмийетли факторы есапланған пуқаралардың турмыс дәрежесин ҳәм абаланлығын арттырыўға хызмет етпекте.

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Жаслар ҳәм бизнес структуралар менен ислесиў бөлими тәрепинен Нөкис қаласындағы “Жумысқа мәрҳамат” моно орайында оқып атырған, исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын семинар-тренинг өткерилди. Онда Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы, Микрокредитбанк ҳәм Миллий банк хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.


Ушырасыўда  Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасының бөлим баслығы, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты М.Қасимов, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы К.Худайбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер, физикалық тәреплерге берилетуғын кредитлер, олардың түрлери ҳәм шәртлери, талап етилетуғын ҳүжжетлер, “Жаслар 1+1: қаржы саўатлылығы” жойбары бойынша түсиник берилди. Сондай-ақ, бюджетлестириў, үнемлеў, инвестиция киргизиў, кредит ва қарыз сыяқлы мәселелер додаланды.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги