Жақында Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына еткен сапары ўақтында ўатанласларымыз менен ифтарлықта қатнасып, кексе нураныйлер менен сөйлесиўлер болған еди.

Соның ишинде, Наманган районындағы Муллакудинг аўылында жасаўшы 108 жасар Иброҳимжон хажы ата Хўжаев мәмлекетимиз басшысы ҳүрметине берилген пәтияда қатнасқан еди.

Рамазан айы ҳәм жақынласып киятырған Ҳайыт байрамы мүнәсибети менен Журтбасымыз теберик нураный Иброҳимжон ҳажы ата Хўжаевқа «Traverse» автомашинасын саўға етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги