Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳәм Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен «Ғалаба хабар қуралларында жәрияланған ең жақсы материал» таңлаўы жәрияланды.

Таңлаўда ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, онда қатнасыў ушын арза берген авторлар (дөретиўшилик топар ағзалары) 2024-жылдың 1-апрелинен 11-апрелине шекем (10 күн даўамында) төмендеги бағдарларда қатнасыўы мүмкин:

– газета ҳәм журнал (хабарнама-бюллетень)ларда басып шығарылған материаллар;

– телеканалларда эфирге узатылған материаллар;

– радиоканалларда эфирге узатылған материаллар;

– веб-сайтларда жәрияланған материаллар.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери ҳәр бир бағдар бойынша:

– 1-орынға – базалық есаплаў муғдарының 50 есеси;

– 2-орынға – базалық есаплаў муғдарының 40 есеси;

– 3-орынға – базалық есаплаў муғдарының 30 есеси;

– ҳәр бир бағдар бойынша хошаметлеўши орынға – базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында хошаметленеди.

Таңлаў қатнасыўшысы төмендегилерди info@tanlovmedia.uz электрон мәнзилине жибериўи керек:

– таңлаўға усынылып атырған бесеўге шекемги материаллар дизими ҳәм олардың қашан және қайсы ғалаба хабар қуралларында жәрияланғаны ҳаққында мағлыўмат;

– веб-сайтларда жәрияланған материаллардың жедел гиперсилтемеси;

– газета, журнал (хабарнама-бюллетень)ларда басып шығарылған материаллардың электрон (pdf) түри;

– радиоканалларда жәрияланған материаллардың электрон (mp3) түри;

– телеканалларда жәрияланған материалларды видеохостингке жайластырған ҳалда, олардың жедел гиперсилтемеси.

– Таңлаўда ғалаба хабар қуралларында 2024-жыл 1-шеректе жәрияланған мақала, шолыў, журналистлик сорастырыў, интервью, видео-, аудио-, фотоматериаллар менен қатнасыў мүмкин.

Қосымша мағлыўмат ушын:

+ 998 71 244 33 51

Қарақалпақстан хабар агентлиги