Журналист – социаллық жумыс түри болып есапланады. Бул тараў ийелери социаллық тармақларда әҳмийетли мәселелерди топлап, материалды таллап ҳәм ғалаба хабар қураллары (баспасөз, радио, телевидение, хабар агентликлери) ҳәм басқалар арқалы тарқатыў менен шуғылланады.

Журналистиң ҳәр қашан қасында блокноты ҳәм ручкасы болыўы керек. Себеби, ол өзине керекли болған информацияны түртип қояды. Және бир нәрсени айтып өтиў орынлы олар фактлерге сүйенген ҳалда жумыс алып барады. Журналист – халық арасындағы көпир деп атайды. Сол ушын да бул кәсип ийелери жәмийеттеги кемшиликлерди  терең үйренип,  халықтың машқалаларын шешип бериў жолларын табыўға ҳәрекет етеди.

Олар мәмлекет тәрепинен белгили бир шәртнама тийкарында белгиленген айлық мийнет ҳақысын алып,  жумыс жүргизеди.

Және де олар өзлериниң веб-сайтларын рәсмий түрде мәмлекет тәрепинен дизимнен өткерген ҳалда тек ғана рәсмий тастыйықланған материаллар менен тәмийинлеп барады.  Егерде ҳеш қандай фактлерсиз ҳәм мәселениң анық, қанығына жетпей турып оны социаллық тармақларға жайластырса нызамда белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

Бул кәсип үлкен жуўапкершиликти талап етеди. Қосымша етип айтып өтетуғын болсақ, ерте дәўирлерде журналистка кәсиби пайда болмастан алдын еки ел арасында жүз берип атырған ўақыяларды “Дәрўишлер” арқалы еситип билип отырған.

Блогер – яғный өзи айтып турғандай  “блог” сөзи шет тилинен алынған болып “веб-күнделик” деген мәнини билдиреди. Блогер болса оны жүргизетуғын адам. Олар өзлериниң жеке ой-пикирлерин,  көзқарасларын ҳәм дүнья жүзинде жүз берип атырған ўақыяларды рәсмий емес (мәмлекетлик дизимнен өтпеген) каналына жайластырып барады.

Ҳәзирги күнде жәмийетимизде көпшилик “блогер”ликти жүдә тар мәниде түсинеди. Көпшилик “блогер” дегенде тек жәмийеттеги кемшиликлерди айтып, сынға алыўшы шахс сыпатында түсинеди. Бул әлбетте надурыс пикир,  деп есаплайман. Ал, “блог” дегенде болса ҳәр түрли социаллық тармақларда белсенди түрде жумыс алып барыўшы шахс есапланады. Негизинде “блог” түсиниги жүдә кең мәниге ийе.

Олардың түрлерине тоқтап өтетуғын болсақ;

1.Жеке блог

2.Мода блоги

3.Саяхат блоги

4.Жаңалықлар блоги ҳәм тағы басқада түрлерди өз ишине алады.

Олар ҳешқандай шәртнамасыз мағлыўмат таярлайтуғын айтып кетиў орынлы (яғный, блогер ушын мәлим шәртлер ҳәм белгиленген айлық мийнет ҳақы жоқ). Әпиўайы етип айтқанда блогерлик кәсип емес. Сонлықтан олар мағлыўмат тарқатып атырған ўақытта ишки сезимлерине берилип, cубъектив тәризде өз пикирлерин билдире алады.

Сондай-ақ, журналист ҳәм блогерлер өз жумысы барысында Өзбекстан Республикасының нызамларына бойсынған ҳалда жумыс алып барады.

 

Б.Тохпанов,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги