Ҳәзирги ўақытта пуқараларымыздың түрли қатламлары арасында ҳуқықый билимлерди арттырыўға, үйрениўге ҳәм оны әмелиятта қолланыўға қызығыўшылық артып бармақта.

Нотариал кеңселер тәрепинен көшпес мүлкке қаратылған алды-сатты, саўға, алмастырыў, ижара шәртнамаларын рәсмийлестириў көбейгенлиги пуқараларымыздың бул бағдардағы  ҳуқықлары кеңейип баратырғанынан дәрек береди. Мийрас ҳуқықын рәсмийлестириў нотариал кеңселериниң ўәкиллигине кириўши әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып табылады. Солайда болса, бул тараўдағы ислер жуўапкершилик пенен қараўды талап етеди.

Мийрас пуқара қайтыс болған күннен баслап оған тийисли болған мүлклер, мүлклик ҳуқық ҳәм миннетлермелери басқа шахсларға, яғный мийрасхорларына өтиў деп белгиленген. Әмелдеги нызамларға бола, мийрасхорлық ϴзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң тийисли статьялары тийкарында 2 тәртипте әмелге асырылады. Яғный, бириншиси бул нызам бойынша мийрасхор болса, екиншиси ўәсиятнама бойынша мийрасхор болып табылады.

Нызам бойынша мийрасхорлық ҳуқықы мүлк ийесиниң өзине тийисли болған жеке меншик мүлктиң тәғдирин-белгили бир шахсқа ўәсиятнама қалдырып шешпестен ашық таслап  кеткен жағдайларда мийрасхорлық ҳуқықы пайда болады. Ал, ўәсиятнама менен мийрасхор  тайынланғанда мийрас қалдырыўшы өзиниң ҳуқықы менен миннетлерин есапқа алған ҳалда мийрасхор белгиленгенде тек өзиниң ерк-ықтыяры менен әмелге асырады.

ϴзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң тийисли статьялары тийкарында мийрас ашылған ўақытта қайтыс болғанлар, сондай-ақ, мийрасты қалдырыўшы қайтыс болған ўақытта, ҳәмиледар болып, кейин туўылған перзентлерине мийрас ашылғаннан кейин ўәсиятнама ҳәм нызам бойынша мийрасхорлар болыўы мүмкин. Мийрас қалдырыўшының туўған-туўысқанлары, перзентлери, перзентликке алынған балалары, жақын аға-инилери болған басқа да шахслар мийрасхор болып табылады.

Мийрасты қабыл етип алыў бир тәреплеме келисим болып, оған болған мүлк ҳуқықы ҳаққындағы гүўалығы, олардың арзасында көрсетип өтилгениндей, 6 ай мүддет өткеннен кейин бериледи. Мийрас ашылғанда нотариус тийисли мүлк яки толық мийрасқа болған гүўалықты сорап мүрәжат еткен шахслардан басқа мийрасхор бар я жоқ екенлигин анықлап, тийисли уйымлардан белгиленген тәртипте ҳүжжетлерди топлайды.

Пуқаралық Кодексине муўапық мийрасхор ол ашылғаннан кейин қайтыс болып қалған жағдайда, оған тийисли үлеси оның перзентлери менен жақын ағайин-туўысқанларына өтеди. Бул мәселеде олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде Кодекске тийисли қосымшалар киргизилди.

Бир сөз бенен айтқанда, соңғы жыллары нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерислер биринши гезекте пуқаралардың мәплери, олардың ҳуқықларының қорғалыўы, яғный елимизде инсан ҳуқықлары менен мәплери уллы қәдирият екенлигинен дәрек береди.

П. МАМБЕТНАЗАРОВ,

Нөкис қаласында жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Қарақалпақстан хабар агентлиги