Өзбекстан Республикасы Президенти «Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўында «Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.

Бизге белгили, Республикада турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў ҳәм тоғай ресурсларын нәтийжели басқарыў, сондай-ақ, «жасыл экономика»ны қоллап-қуўатлаў илажларын избе-из даўам еттириў мақсетинде 2023-жыл 10-апрельде Өзбекстан Республикасы менен Халықаралық раўажланыў ассоциациясы арасында келисимге қол қойылған еди. Бул келисим шеңберинде «Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбарын әмелге асырыў ушын 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 30 жыл мүддетке жәми 142 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз қаржылары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы менен PROGREEN траст қоры ҳәм Корея Республикасының KWPF  қоры арасында дүзилген грант келисимлери шеңберинде жәми 11 миллион АҚШ доллары муғдарында грантлар тартылған.

Жойбардың улыўма баҳасы 205,45 миллион АҚШ долларын, соның ишинде, жойбардағы Өзбекстан Республикасының үлеси 52,45 миллион АҚШ долларын қурап, әмелге асырыў дәўири 6 жыл (2023-2028-жыллар) етип белгиленген.

Президенттиң усы қарары менен Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы агентлиги жойбардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўы, муўапықластырылыўы ҳәм басқарылыўы және тартылған қарыз қаржылары менен грантлардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўы, сондай-ақ, жойбарды әмелге асырыў дәўиринде мониторинг ҳәм есабат жүргизилиўи, қарыз қаржылары өз ўақтында қайтарылыўы ушын жуўапкер атқарыў уйымлары болып есапланады.

Тоғай хожалығы агентлиги жанында юридикалық тәреп статусына ийе болған Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўында «Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбарын әмелге асырыў топары дүзиледи.

Қарар менен «Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбарының техникалық-экономикалық параметлери;

«Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбары бойынша Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қарыз қаржыларын тартыў ҳәм қайтарыў муғдарлары;

«Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбарын әмелге асырыў шеңберинде Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қарыз қаржыларынан пайдаланыў, оны қайтарыў, комиссия ҳәм процент төлемлерин төлеўдиң прогноз кестеси;

«Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбарын әмелге асырыў бойынша «жол картасы»;

«Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў» жойбары шеңберинде Жиззақ, Наманган, Қашқадәрья, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында әмелге асырылатуғын илажлар тастыйықланды.

ӨзА