Нөкис ҳәм Үргенш гарнизонларындағы әскерий бөлимлерде мүддетли әскерий хызметин өтеп, Қураллы Күшлердиң резервине босатылған әскерлер салтанатлы түрде узатып салынды.

Бир жыл даўамында улыўма әскерий таярлық шынығыўларында руўхый ҳәм физикалық жақтан шыныққан, бул жерде ата-анасының ҳәм жақынларының қәдирин тереңирек сезинген, бир сөз бенен айтқанда, армияда турмыс мектебин өтеп болған жаслардың үйлерине қайтыў ўақты келди.  Әскерий турмысқа бираз бейимлесип, өз орнына ийе жаслардың бир тәрепинен ата-ана ҳәм жақынлары менен көрисиў тилеги кеўиллерге қуўаныш сезимлерин пайда еткен болса, екинши жағынан үйренисип қалған әскерий бөлим менен хошласыў сағыныш сезимлерине уласпақта. Себеби, өткен бир жыл ишинде  олар ҳақыйқый Ўатан қорғаўшысына айланды.

Армия қатарында жетилискен жасларды үйлерине узатып салыў мәресими Арқа-батыс әскерий округиниң сәркардасы, генерал-майор Фарҳаджан Шерматов пенен сәўбетлесиўден басланды. Нөкис  гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында болып өткен сәўбетлесиўде сәркарда жигитлерге хызмети ушын миннетдаршылық билдирди. Бир жылдың олардың турмысында бийкарға өтпегенлигин,  дүньяға көзқарасының өзгергенлигин атап өтти. Үйлерине аман-есен жетип барып, турмыстан өз орынларын табыўына тилеклеслик билдирди.






Буннан кейин әскерий бөлимлерде үлгили минез-қулқы, мүддетли әскерий хызмети даўамында айрықша итибарға ерискен  ҳәм тест сынақларынан табыслы өткен жигитлерге жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде жеңиллик бериўши усыныснамалар тапсырылды. Онда сөзге шыққанлар Ўатанды қорғаўдай жуўапкершилик бәршеге несип ете бермеслигин,  олардың ҳәр бири хошаметке ийе екенлигин атап өтти.  Жигитлик миннетин мүнәсип орынлап, үйлеринен жарқын жүз бенен қайтып  баратырған әскерлер келешекте Ўатан, журтымыз ушын жанкүйер, пидайы инсан болып қалатуғынларына исеним билдирди.

Жигитлер Қорғаныў министрлигиниң буйыртпасы тийкарында  “ϴзбекстан темир жоллары” акционерлик жәмийети тәрепинен усынылған арнаўлы әскерий эшелон менен әскерий оркестр намалары астында үйлерине жөнеп кетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги