Пүткил дүнья жүзи бойлап белгиленген арнаўлы стандарт бойынша жол ҳәрекети қағыйдалары инсан өмири ҳәм денсаўлығы, сондай-ақ жол ҳәрекетин тәртипке салып турыў ушын ислеп шығылған.

Транспорт басқарыўшыларының жолларда жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпей басқарып жүриўи тек ғана өзлерине емес, ал басқада жол ҳәрекети қатнасыўшыларының өмирине ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырады. Бул ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы тез-тезден көрсетиўлер, үгит-нәсият жумыслары ҳәм ўақыя орынларынан репортажлар таярланып көрсетилиўине қарамастан бизиң ўақыямыз қаҳарманы жол ҳәрекети қағыйдасына әмел етпеген.

Судланыўшы Д. 2023-жыл 14-май күни саат 02:30 да өз басқарыўындағы пуқара Мадетке тийисли ақ реңли «Кобальт» маркалы автомашинасын А-380 «Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолы менен «Даўыт-ата» бажыхана шегара посты тәрептен Қоңырат районы орайына қарай басқарып баратырып, усы асфальт жолдың 892-893 километрине келгенинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрель күнги 172-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2022-жыл 1-май күнинен баслап әмелде болған «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 12-бәнти 1-киши бәнтинде, «айдаўшыларға транспорт қуралын ҳәр қандай мәс ҳалында, сезгирликти ҳәм итибарды төменлетиўши дәри-дәрмақлар тәсиринде, жол-ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын дәрежедеги шаршағанлық ҳәм бийтаплықта басқарыў қадаған етиледи”, 77-бәнтинде, «айдаўшы ҳәрекеттиң көп екенлигин, транспорт қуралы ҳәм жүктиң өзгешелиги менен жағдайын, жол ҳәм ҳаўа-райы шараятын, сондай-ақ, ҳәрекет етиў бағытындағы көринисти есапқа алған жағдайда транспорт қуралын белгиленген тезликтен асырмай басқарыўы керек; тезлик айдаўшыға қағыйда талапларын орынлаў ушын транспорт қуралының ҳәрекетин турақлы қадағалап барыў мүмкиншилигин бериўи керек; ҳәрекет етиў ўақтында айдаўшы анықлай алыў мүмкиншилиги болған қәўип пайда болса, ол транспорт қуралының тезлигин толық тоқтата алатуғын дәрежеде пәсейтиў яки тосқынлықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўип туўдырмаған ҳалда айланып өтиў илажларын көриўи керек» деп көрсетилген талапларды бузып, жолға сезгирлик ҳәм итибар менен қарамастан, автомашинасын басқарыўды жойтып, асфальт жолдан шығып кетип, жолдың қубла тәрепки шетиндеги қумлық жерге аўдарылған. Нәтийжеде, усы автомашинаның жолаўшылары 1977-жылы туўылған пуқара Ж., 1984-жылы туўылған пуқара А., оның 2018-жылы туўылған жас өспирим перзенти Н., 1982-жылы туўылған пуқара Ж., 1976-жылы туўылған пуқара Қ. аўыр дене жарақатын алып, қайтыс болған.

Судланыўшы жоқарыдағы жынайый ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 266-статьясы 3-бөлиминиӊ «а» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

Суд мәжилисинде, судланыўшы Д. айыбын толық мойынлап қылған исинен шын кеўилден пушайман болып, жәбирлениўшилердиң нызамлы ўәкиллеринен кеширим сорады. Оған усы статья менен 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў, 8 (сегиз) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

Судланыўшының жол ҳәрекети қағыйдасына әмел етпегенлиги ақыбетинде 5 инсан өмирден ерте көз жумды.


Берик АЙМУРАТОВ,

жынаят ислери бойынша Қоңырат районлық судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги