Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!”  сүрени астында байрам кешеси болып өтти.

Мийманлар дәслеп миллий тағамлардыӊ көргизбеси менен танысты ҳәм оларға баҳа берди. Студент-жаслар арасында миллий ойынлар бойынша жарыс өткерилди.

Буннан кейин филиал директоры А.Есимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Б.ϴтемуратовлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды мәмлекетимизде даўам етип атырған улыстыӊ уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, халқымыздыӊ пәк арзыў-нийетлери, жақсы тилеклери менен сезимлерин үгит-нәсиятлаўшы уллы әййямды ҳәр жылы мүнәсип тәризде күтип алыў дәстүрге айланбақта. Наўрыз халқымызды, әсиресе жасларды дослыққа, инсаныйлыққа, мийрим-шәпәәтли болыўға жетелейтуғын байрам болып табылады. Илаж филиалдыӊ талантлы жаслары тәрепинен таярланған қызықлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген көргизбели шығыўлар, миллий кийимлердиӊ көргизбеси, бақсы ҳәм жыраўлар тәрепинен атқарылған қосықлар бәршеге көтериӊкилик бағышлады. Әсиресе, қарақалпақ, өзбек, қазақ халықларыныӊ жанлы тәризде атқарылған келин сәлеми жыйналғанлардың алғысына миясар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги