Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 55-сессиясында Өзбекстан Универсал күнделикли шолыў шеңберинде бул кеңестиң усынысларын оптимал дәрежеде атқарып киятырған мәмлекет сыпатында тән алынды.

Усы мүнәсибет пенен Женева қаласында Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен мәмлекетимиздиң БМШ жанындағы Женевада жайласқан ўәкилханасы ҳәм «UPR-Info» халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкеми менен биргеликте усы темада илаж өткерилди.

Илажда Әзербайжан, Ирландия, Қырғызстан, Литва, Люксембург, Нидерландия, БАӘ, АҚШ, Сьерра-Леона, Франция сыяқлы мәмлекетлер ҳәм БМШ, ЮНФПА сыяқлы халықаралық шөлкемлер ҳәм «Justice for all international» халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкеминиң ўәкиллери қатнасты.

БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси президенти, елши Омар Знибер илаж қатнасыўшыларын қутлықлады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов усы илажда онлайн қатнасты.

Бизге белгили, 2023-жыл ноябрь айында БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң Универсал күнделикли шолыў бойынша жумысшы топары Өзбекстанның төртинши миллий баянатын көрип шықты. Жумысшы топар миллий баянатты көрип шығыўы ўақтында 80 нен аслам мәмлекеттен 234 усыныс билдирилди.

А.Саидов бул бағдардағы әмелий бирге ислесиў ҳәм пайдалы усыныслар ушын БМШ Кеңесине ағза мәмлекетлер ҳәм БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссарының басқармасына миннетдаршылық билдирди. «UPR-Info» халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкеми Өзбекстанның Миллий баянатын таярлаў процесинде делегациямыздың ағзаларын қызғын ҳәм исшеңлик пенен қоллап-қуўатлағанын атырғанын атап өтти. Усы мүнәсибет пенен бул халықаралық МКШ басшысы ҳәм белсендилерине миннетдаршылық билдирди.

– Өзбекстан бирге ислесиўши мәмлекетлер, басқа да мәпдар тәреплер арасында инсан ҳуқықларын алға қойыў ҳәм қорғаў бойынша алдынғы тәжирийбе алмасыўдың өзине тән механизми сыпатында Универсал күнделикли шолыў процесине толық садық екенин және бир рет тастыйықлайды, – деди А.Саидов. – Биз Универсал күнделикли шолыў миннетлемелери ҳүкиметлер тәрепинен ықтыярый түрде қабыл етилиўин ҳәм жақсы нийет принципи сыпатында миллий дәрежеде арттырылыўы мысалында оны ҳүрмет етиў керек екенин атап өтемиз.

Өзбекстан ҳүкимети, парламенти, адвокатура ҳәм пуқаралық жәмийетиниң өз-ара байланыслылық рольлериниң дурыс ислеўи керек екенин тастыйықлаған ҳалда, Универсал күнделикли шолыў шеңберинде өз миллий баянатларының көрип шығылыўы бойынша билдирилген усынысларды оптимал тәризде орынлаў ушын барлық мәпдар тәреплер менен жедел биргеликте жумыс алып барылмақта.

Илажда, сондай-ақ, БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы Консуэло Видал Брюс ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Женевадағы офиси директоры Аги Верестиң баянатлары тыңланды.

Додалаўларда БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық бөлиминиң баслығы Матильда Богнер, сондай-ақ, Франция, Сьерра-Леона ҳәм Қырғызстанның БМШ жанындағы Женевада жайласқан турақлы ўәкиллери шығып сөйледи.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы