Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясын Өзбекстанда өткериў басламасын билдирген еди.

Швейцарияның Женева қаласында Парламентлераралық аўқам (ПА)ның бас хаткери Мартин Чунгонг ҳәм Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоева арасында ПАның 150-юбилей ассамблеясын 2025-жылы Өзбекстанда өткериў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Өзбекстанның жедел ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаты себепли мәмлекетимиз жәҳән сиясатының орайларынан бирине ҳәм глобаллық басламалар авторына айланбақта.

Бул процессте мәмлекет парламенти де жедел қатнасып атыр. Атап айтқанда, ири халықаралық парламент структураларының толық ағзасы сыпатында абырайлы конференцияларға басшылық етип, әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қоймақта.

ПА менен биргеликте Бухара қаласында Турақлы раўажланыў мақсетлерине бағышланған Халықаралық парламент форумы ҳәм Ташкент қаласында ПАға ағза мәмлекетлер парламентлери ҳаял басшыларының 14-саммитиниң табыслы өткерилгени буған айқын мысал бола алады.

Дүнья жүзиндеги 180 мәмлекет парламентин бирлестирген бул абырайлы структура өзиниң жоқары уйымы ассамблеяны парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыўдың унамлы тәжирийбеси бар болған мәмлекетлерде өткереди.

Ассамблеяның биринши рет Орайлық Азия регионында, Өзбекстанда өткерилиўи болса Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар, парламентаризмди раўажландырыў жолындағы ҳәрекетлердиң дүнья жүзи жәмийетшилиги тәрепинен тән алынып атырғанын тастыйықлайды.

ПАның гезектеги ассамблеясында парламентлер арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў, Өзбекстан парламентиниң жумысы менен танысыў нәзерде тутылған.

Ассамблея 2030-жылға шекемги стратегияны әмелге асырыўда парламентлердиң қатнасыўын кеңейтиў, ТРМге ерисиў, инсан ҳуқықлары, гендер теңлиги, жаслар имканиятларын кеңейтиў, климат өзгериўине қарсы гүресиўде парламентлердиң бирге ислесиўин көрип шығыўда әҳмийетли платформа болады.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы