Өзбекстан Республикасы Президенти “Жәмийетлик транспортты қаржыландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, тасыўшылар менен есап-санақларды әмелге асырыў, жол ҳақы бойынша түсимлерди топлаў ушын Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармаларында юридикалық тәреп шөлкемлестирмей ашылған арнаўлы қорлар Экономика ҳәм Қаржы министрлигиниӊ аймақлық басқармалары системасына өткериледи.

Жол ҳақы түсимлериниӊ толық топланыўын таллаў, жолаўшы тасыўды қаржыландырыўдыӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық экономика ҳәм қаржы басқармалары жанында мәмлекетлик мәкеме түринде “Арнаўлы қорлардыӊ қаржыларын басқарыў, жөнелислердиӊ жумысын таллаў ҳәм пул түсимлери мониторинги топарлары” шөлкемлестириледи.

2024-жыл 1-июньға шекем жәмийетлик транспортта жол ҳақысын төлеўде электрон төлем системасынан пайдаланыўды хошаметлейтуғын тарифлер енгизиледи.

2024-жыл 1-июньға шекем Ташкент қаласы турақлы автобус жөнелислеринде жолаўшылар есабатын жүргизиў, айдаўшылардыӊ жумысын ҳәм пул  түсимлерин қадағалаў, автобуслардыӊ техникалық жағдайын мониторинг етиў, ажыратылған коридорларда жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўын белгилеў бойынша жәмийетлик транспортты басқарыўдыӊ бирден-бир интеллектуаллық системасы енгизиледи.

Президент қарары менен Нөкис қаласы ҳәм басқа ўәлаятлар орайларында турақлы қала автобус жөнелислеринде шекленген тарифлер бойынша жолаўшыларды тасыўды брутто-шәртнама тийкарында шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыў системасын енгизиўдиӊ тийкарғы параметрлери де тастыйықланды.

ӨзА