Усы жыл 27-март күни Нөкис қаласында  “Юксалиш” ҳәрекети, “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте  “Нотариуслерден ҳуқықый билимлер”  атамасында бийпул ҳуқықый акция өткерилди.

Акцияның мақсети- пуқаралардың ҳуқықый  сана-сезимин, мәдениятын арттырыў, халық пенен өз-ара байланыслар механизмин жаратыў, ҳуқықты қолланыў тараўында әмелдеги машқалалар менен кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаўдан ибарат.










Атап өтилгениндей, “Юксалиш” ҳәрекети Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте  2020-жылдан баслап республикалық көлемде “Ҳуқықый мәсләҳәтлер күни” бийпул акциясын өткерип келмекте. Илаж барысында нотариуслер тәрепинен пуқараларға нотариал ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша бийпул ҳуқықый мәслаҳәтлер берилип, олар тәрепинен әмелге асырылатуғын нотариал ҳәрекетлер, Нотариал мәкемелеринде нотариал ис жүргизиў қағыйдалары ҳәм  “E-notarius.uz” ахборот порталы ҳаққында кең түрде түсиндирилди. Атап айтқанда, пуқараларға шаңарақ ҳуқықы, мүлк ҳәм мүлклик емес  ҳуқық және миннетлемелери ҳаққында, сондай-ақ, мийрас, неке, саўға, ижара ҳәм мүлктиң алды-сатты шәртнамалары, мийрас ўәсиятнамалары ҳәм басқада түрли машқалалы мәселелер бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, бийпул юридикалық жәрдем көрсетилди.

-Бундай илажлардың өткерилиўи пуқараларға айрықша жәрдем болып табылады,-дейди Хожели районынан Замир Таджимуратов.-Бүгин исеним хатын рәсмийлестириў, оны аўдарыў ҳәм тастыйықлаў ушын келген едим. Акция болғанлығы себеп маған нотариус тәрепинен бийпул мәсләҳәт берилди. Буның ушын шөлкемлестириўшилерге миннатдаршылық билдиремен.

Пуқаралар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден тийисли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери